(Эссе)

– Ҳәй, сен қыз, Зийўар деген апаңды таныйсаң ба?

Танымасаң, әкең биледи. Соннан сора. Ҳаял-қызлар ҳаққында жазып жүрсең. Сол апаң менен де танысып көрсең-о, – деди буннан бир неше жыллар бурын белгили әдебиятшы Қырықбай аға Байниязов редакцияның алдында дусласып қалғанымызда.

Ол киси бир нәрсеге тийкарланбаса, бундай демейди, деп ишимнен ойладым да, сол сөз қамшы болып дәрриў Зийўар апаны излеп Сарайкөлдеги жездейдиң үйине бардым. Мени баслап келген жездейди апай жақтырыңқырамады.

– Сен үйиңе қайтабер, кейин әкетерсең, бул өзимниң қызым екен, – деди жүзинен нур төгилип турған кейўаны. «Өзимниң қызым екен» дегениниң мәниси әкем менен бир класста оқыған екен.

Жездемиз кеткен соң:

– Әжапаң пақыр жақсы ҳаял еди, мынаў қәдирин билмей, тирисинде көп басқылады. Сол нашарларының биреўи енди буған қатын болмайды, бир шәйнек суўын қайнатып бериўге жарамайды. Усының «назын» ким көтерсин! Бизиң қарекеңниң көп жигитлери ҳәмелин, дәўлетин көтере алмай, көзине май питип, жақсы-жаманды парықлай алмай кететуғын жери бар-дә, – деп аўыр гүрсинген апайдың сөзлери оның турмыстан түйгенлери көп екенлигин аңлатты.

Негедур апайдың кеўли қабарып отырғандай сезилди. Сонда да меҳир төгилип турған жарқыраған ажарынан муң менен бирге сағыныш, қаталлақ пенен сыншыллық, ақыл менен парасат, кәтқудашылығы басым ҳаял екенлигин аңлағандай едим. Жас ўақтында оғыры сулыў болған деп еситкенмен. Жасы алпыстан асса да, мүсиндей денеден, көркли келбеттен, сол жаслық сымбаттан дерек бериўши белгилер, жүзиндеги майда әжимлериниң арасында жасырынып жатырғандай. Егер художник болғанымда отыра қалып сүўретин сызар едим!

– Бир-еки жыллықта хожейиним Нурқасым, жақында жанажан жигит ағам дүньядан өтип, кеўлим қулазып, өзимди жалғыз қалғандай сезинип жүрмен. Мына Қарабайлыда жалғыз сиңлим бар еди. Ол да жапсақланыңқырап мениң тәшўишимди көбейтип тур ғой, қызым.

Оның қапа кеўлин бағып, себебин сораўға батына алмай турғанымды сезген екен.

– Өмир деген демде өтер-кетер екен. Айта берсем, өз алдына дәстан боларлықтай көп нәрсени көриппиз, жүрегимиз бенен сезиппиз. Сендей жазыўшы, журналист қызларымыз хабар алып тез-тез келип турса, газета-журнал, радио-телевидение арқалы да қыз-келиншеклерге айтар ақыл-кеңесимиз, өмир тәжирийбелеримиз мол ғой, – деген тилегин де жасырған жоқ. Ол журналист халқына деген гийнесин бүкпеди.

Шкафта турған бир китапшаға көзим түсти. Ишинде жети-сегиз куплет қосық бар екен:

 

Мың қыздың ишинде топты айырған,

Саған ашық еди алым, шайыр да.

Жилўа-назың жигитлерди майырған,

Қыз патша болдыңыз тахттың үстинде…

 

 

Липас  кийдиң атлас, жипектен сайлап,

Жүрдиң институтта жүзиң гүл жайнап,

Гей аңқаў жигитлер жас қыз деп ойлап,

Қарар еди ҳәр сабақтың үстинде.

 

– Бул Қырықбайдың жазып жүргени ғой… Ой-бой, бул қосықтың ҳәр бир қатарының астында түрли ўақыялар, өмиримниң қыйлы-қыйлы мәўритлери бар. Қырықбай – мениң классласым, институтта да бирге оқыдық. Сонлықтан өмир тарийхымды жақсы биледи. Арнаў қосығын жазып жүргениниң де мәниси бар. Бир келгенинде китабына усы қосықты жазып, сыйлық етип еди, – деди апай күлимсиреп.

Алым деп отырғаны қарақалпақтың белгили илимпазы еди. Соған мени қурттайымнан атастырған. Анасы менен қалыңлығын – яғный мени көриўге ешекли келип туратуғын еди. Мен сонда уялып, қашып жүремен. Үлкейе келе ол изленип, оқыўға, үлкен қалаларға кетти. Арамызға бир нәкас араласып оны бизден, бизди оннан қызғанып, түрли бәле-мәтер ислерди ислеп, шуғыллық исин гүжиткен… Сөйтип жүргенде қудай қосқан қосағымыз Нурқасым алып қашып, бири-биринен қызғанған қыз кейнинде қазақ ағайинлерге келин болды ғой. Бул үйге түсип шеп болмадым. Үйли-жайлы, бала-шағалы, атақ-абырайлы, елге сыйлы ана болдым. Күйеўим күтә жақсы көрди. Өлетуғынын билгендей үш-төрт жыл бурын:

– Ендиги жағында ҳүкиметтиң талабын қой, сонша жыл азанлы-кеш еркектей сабылып жүргениң жетер, ҳаял болып үйде отыр! – деп мениң атымнан арза жазып апарып, қол қойдырып, директорлық лаўазымынан босатып алды. Усы ислеген исине мәс болып: – Пай, қандай жақсы ис ислегенмен! Екеўимиз шай ишип, арқайын гүрриңлесип отырғанға не жетеди! – дей беретуғын еди…

Апай өзиниң бахытлы турмысы туўралы толып-тасып әңгимелегени менен мени баяғы гүл жаслығы, таза бүршик жарған нәўше сезимлери, татлы муҳаббаты қызықтырады. – «Гей аңқаў жигит ким екен?» деп сорайман билмегенсип.

– Ҳе-е, ол ма, институтта бир муғаллим. Келиншек екенимди билмейтуғын қусайды. Лекция оқып турғанында маған көзи түссе, қайсы теманы сөйлеп турғанын умытып, албырап қала беретуғын еди. Бир күнлери туңғышымды босанып келсем, аудиториядан мени таппай, излеп, биреўлерден сорапты. Бийшара кеўли барлығын айтып, жәрдем етиўин өтинипти. «Оның күйеўи бар, балалы болды» десе, «мүмкин емес» деп исенбейтуғын қусайды. Сол ғой оның күлки болып жүргени. Соған қарағанда жүдә сулыў болсам керек. Гейпаралар мени көрип, өзиме сөз салыўға батына алмай, сиңлимди қолайлаған жағдайлары да болды… Деген менен, өмир деген өз ийримине тартып, адам баласын түрли муқамға дөндирер екен.

– Баяғы алым ше, оның изи не болды?

– Ҳәр қайсымыз өз жолымыз бенен кетип, көп жылларға дейин көриспедик. Бир күни мен басшылық ететуғын оқыў орнында илимпаз-муғаллимлердиң семинар-кеңеси өткерилетуғын болды. Семинар-кеңести басқарып киятыр екен.

Қыстың қәҳәрли суўық күнлериниң бири еди.

Мениң кеўил аспанымда сол бир салқын, ашшы, аязлы күнлердиң ызғырық жели қайтадан гүўлеп ескендей, денем сол салқын лептен бир тоңлап, бир жибигендей, етиме қалтыратпа тийгендей түсиниксиз ҳалатка түстим.

Оны күтип алыўға шықпадым!!!

Тәғдиримди қудай неге усылай жаратқан?!

Неге?! … Не жазығым бар еди мениң!? Айыбым – жолы нәзик нашар бала болып жаратылғаным ба?!

Гүнайым – ел-халық дәстүрине садық болып, атлаған босағамды сыйлап, қәстерлеп, өмир бойы мени унатқан жигитке садық болып қалғаным ба?! Аўа! Оны күтип алыўға сыртқа шықпадым! Кабинетимде отырдым.

Ол кирип келди!!!

Маған, жумыс орныма сын нәзер таслап, асықпай, мен нусқаған орынлыққа отырды!!!..

Жүзиме тигилди:

– Бармысаң бул жердиң жүзинде?!…

– ….

Усы бир қатар қосықтың артында сағыныш, күйиниш, налыш, өкиниш сезимлери жүрегин жыллар бойы езип келгенин сездим! Сол дәслепки балалықтағы таза муҳаббаты қайтадан бой көтерип, өзиниң қудиретли күшин көрсетип атырғандай, сеўги гүлиниң ҳеш қашан солмайтуғынлығының нышанындай қойыў қара қас астында шым қара, қарамық көзлер ушқын атып, сол баяғы, сол ләззетли, татлы ҳәм гөззал муҳаббаттан дәрек берип жайнап-жаснайды.

Пайдасы не?! Мен «өзге бағ гүли, ол өзге бағман»! Бизди айырған, жүреклеримизге жара салған сол жаўыз қоллар тәрепинен ақ қағазларға жазылып, почта арқалы жөнетилип турған қаралы қатарлар еди.

Эҳ, тәғдир не деген залым! Гейпаралар не деген жаўыз!!! Кеўил гилтин урлаўға болмайтуғынын, ҳаял жүрегиндеги муҳаббат сезими шын болса ҳеш қашан оны тәрк етпейтуғынын, жүрегиниң төринде мәңги сақланатуғынын неге аңламайды?!  Қай заманда да еки жақсы, еки гөззал инсанға тәғдирдиң қыйын, жумбақлы сырларын шешип, сынақлардан жеңип өтиўине туўра келсе керек. Алпамыс пенен Гүлпаршынның,  Наўайы менен Гулидиң,  Атабек пенен Кумуштиң араларына жаўыз кимселер қузғынның исин етип, жыллы сезимлерин суўытыўға урынып келгенин жақсы билемиз ғой. Сол айтқандай,  олардың балалықтан басланған туңғыш пәк муҳаббаты тәғдир сынақларынан өте алмады!!

– Нурқасым менен Кисловодскийге, курортқа кетип баратыр едик. Нөкис аэропорты бизди оғада суўық қарсы алды. Ҳеш ким даўысын көтерип сөйлемейди. Ҳәммениң түси суўық. Әтирап тым-тырыс. Аэропортты ҳеш қашан бундай кеўилсиз, сур ҳалатта көрген емес едим. Аэропорттан бир табытты алып шықты. Бул баяғы алымның табыты екен. Шет елде автоапатқа ушырапты!!! Жүрегимнен бир нәрсе үзилип түскендей, орнымда тоқтап қалдым. Бул жердеги адамлардың бәриниң суўық хабардан еңсеси түскен. Тек бир менииң емес, пүткил қарақалпақтың басына түскен орны толмас аўыр жоғалтыў, күтилмегенде келген апат еди бул! Илаҳий жаратылған арыслан улынан айырылып, сорлап атыр еди халық. Түрим қашып кетсе керек, Нурқасым: – Ҳе, курортқа барғың келмей қалды ма?!

– Ызаланған күйеўим қолтығымнан қатты қысып, жаздырмады! Егер булай етпегенинде, қулап қалар ма едим?! Бәлким, соңғы күшлеримди жыйнап, ғырра изиме қайтқан болар ма едим!

Ол соны сезгендей мени ҳеш жаздырмады. Сол сүйрелеклеўи менен, қолтығымнан беккем услап, трапқа алып шықты. Самолёттың салонына қалай шыққанымды өзим де билмеймен. Көзиме жас келмейди. Жансыз сүўрет яңлы трапқа өрмелеп киятырғанымды емис-емис еслеймен. Бул азаплы, узақ аралық таўсылар емес, миллион жыл өтип кеткендей…, жоқ, пүткил дүньядан бөлинип қалғандайман!

Сол қаралы, азалы самолётта, оның өли денесин алып келген қараң қалғыр самолетта, мен дем алыў ушын пайызлы жер излеп күйеўим менен ушып баратыр едим! Аўа, қызым, мен сапарды даўам еттирмектемен. Ал, ол, өмиримди өзиниң бул дүньяда барлығы менен толтырып, сәнге бөлеп турған гөззал инсан ақырғы, ең соңғы сапарын мениң көз алдымда ада қылды!!!

Пайызлы жер қайда болады, қызым, билесең бе? Муҳаббат бар жерде ғана пайыз болады, гүллер шешек атады, бүлбиллер сайрайды, қуслар сайранлайды. Адам баласы да дәл сондай. Уллы муҳаббат пенен жасаў, өмир сүриў – мазмунлы. Дүнья қызықлы. Егер муҳаббат тамам болса, онда ол жерде өмир таўсылады, тиришилик тамам болады.

Жатқан жери жайлы болсын, өмирлик серигим, достым, жолдасым, сырласым, муңласым, жерге, көкке исенбес перзентлеримниң атасы Нурқасымды пәлен-түўен дей алмайман. Тәғдириме, маңлайыма усындай жигитти тап қылғанына Аллатааладан мың қәтле шүкирлик етемен. Ол мени өмир бойы қәдирлеп, сүйип, ардақлап келди. Сүйенген таўым, мәңгилик қорғаным болды. Ел ишинде өз орнымды табыўыма, сүйген кәсибимниң маманы болыўыма, ақыл-ойымды, күш-жигеримди халқым ушын жумсап хызмет етиўиме себепкер болды. Бирақ, маған өмир бойы ийелик еткени менен кеўлимниң султаны, жүрегимниң дәртли, сулыў әрманы, бир әжеп сезим мени өмир бойы тәрк етпегенлигин, өзим менен, руўхым менен мәңги қалғанлығын мәгар түсингендур. Бәлки, түсинсе де, түсинбегенге салғандур өзин. Өзин, мени қыйнамаў ушын билдирмеген де шығар. Жоқ, ол мениңше, мени түсинди, мени өмирде жасаў ушын еле де себеплеримниң бар екенлигин уғынды-аў деймен. Өйткени, ол мени бәрҳама, минут сайын қызғанатуғын, қызғыштай қорыйтуғын еди. Бәрибир, оның бул ҳәрекетлери маған унайтуғын, жағатуғын еди. Сениң ушын бир жигиттиң жаны пида, пәрмана болса, бир нашар ушын басқа не керек?! Сонда да мениң ушын булар күтә әҳмийетли емес, ең баслысы, ол мениң татлы ойларымды, сулыў сезимлеримди, өмиримде өшпес из қалдырған, жүрегиме мәңги мөрленип қалған гөззал мәўритлеримди өширип, езип таслаўға умтылмағанлығы себепли қәдирлеп, сыйлап келдим.

Курорттан келгенимизден кейин уўытын таўып, ҳеш кимге билдирместен алымның қарындасын излеп таптым. Сағынысып көрисип, ҳәсиретлеримизди бөлистик, сөйлесип, гүрриңлесип, шеримизди тарқатыстық, өткен күнлеримизди еске түсирдик  ҳәм ағасының қәбирине бирге барып, қуран оқытып, руўхларына тийеберсин айттық… Жаратқан ийем бизге берген аманатын қашан алады, билмеймен, қызым, қалған жағында ул-қызымның, ели-халқымның тилегин тилеп, шүкиршилик етип отырғаннан басқа менде әрман қалмады.

Бизиң бул ушырасыўымыздан кейин, Зийўар апа да көп жасамапты. Дүньядан өтти, деп еситтим. Кейин ала ат изин салмай кеткеним ушын өкиндим. Жазғанларымды оның өзине оқытып көргенимде, өзи де пикир қосып, гейпара жерлерине дүзетиў берер ме еди?  Не илаж? Апай маған өмири бойы пинҳәми сақлап киятырған ишки сырын өз аўзынан айтып бергенин қашан да болса бул сеўги ел ишине жәрия болыўын тилегени деп түсиндим. Дүньяға бир мәрте келетуғын инсанлардың жақсылары өзлериниң изинде терең муҳаббатын, үлкен адамгершилик, инсаныйлық нышанларын үлги етип қалдырады. Қыйқаш тәғдирлер бул дүнья ушын сабақ болсын, деген нийетте маған аманат сеўги дәстанын жәриялаўға қарар еттим.

Тамара Машарипова.

Хожели-Нөкис. 1990-2010 жыллар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги