Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен 2022-жыл 5-апрель күни халық билимлендириў тараўындағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм улыўма билим бериў мектеплери менен жоқары оқыў орынларының бирге ислесиўин тығыз жолға қойыў ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде,  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  бир қатар профессор-оқытыўшылары Қараөзек районында хызмет сапары менен болды.

Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиндеги оқыўшылар менен ушырасыўда  ҚМУдыӊ Санаат-технологиясы факультети деканы Р.Қурбаниязов ҳәм бир қанша профессор-оқытыўшылар шығып сөйлеп, университеттеги оқыў бағдарлары, студентлердиӊ билим алыўы ушын жаратылған шараятлар, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша исленип атырған илажлар бойынша кеӊ түрде мағлыўматлар берип, питкериўшилердиӊ қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Ушырасыўға район ҳәкими У.Утамбетов, районлық халық билимлендириў бөлими баслығы А. Калилаевлар да қатнасып бундай ушырасыўларды шөлкемлестирип, оқыўшыларды кәсипке бағдарлап атырғаны ушын университет ректораты ҳәм профессор-оқытыўшыларына өзлериниӊ миннетдаршылықларын билдирди.

Илаж шеӊберинде “Заковат»  интелектуаллық ойыны  ҳәм “Мен таңлаған кәсип” атамасында эссе жазыў таңлаўлары өткерилип, жеӊимпаз оқыўшылар университет ректоры атынан таярланған Диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы