Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы департаменттиң Нөкис қаласы бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында жасалма усылда таярланған спиртли ишимликлердиң айланысқа киргизилиўиниң алды алынды.
Атап айтқанда, пуқаралар Х.У. ҳәм Е.У.лар қәлбеки акциз маркалы 192 шийше «Қаратаў» атамасындағы жасалма усылда таярланған алкоголь өними айғақлы зат сыпатында иркилди.
Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 176-статьясы (қәлбеки пул, акциз маркасы ямаса баҳалы қағазлар таярлаў, оларды өткериў) менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги