Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 11-май күни ғәлле жетистириўдеги реформалардың әҳмийетли басқышына бағышланған видеоселектор мәжилисинде фермерлердиң мәпдарлығын тәмийинлеў, зүрәәтликти арттырыў арқалы базарда усынысты көбейтиў мәселелери додаланып, «Өзагроинспекция»ға келеси жылдың өниминен туқымлық жетистириў ушын егилген бийдай өнимин қысқа мүддетте сепситпей жыйнап алыўды қадағалаў ўазыйпасы жүкленди.
Усы ўазыйпаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша райондағы туқымгершилик субъектлериниң бийдай майданларында ҳәм «Тақыятас дән» акционерлик жәмийетине қараслы «Қарабайлы гүриш» филиалында мониторинг өткерилди.
Районда келеси жылдың өними ушын 2 бийдай кластери ҳәм 5 фермер хожалығында жәми 300 гектар майданда туқымлық бийдайдың «Антонина», «Алексеевич» ҳәм «Аср» сортлары егилип, 900 тонна туқымлық дән жетистириў режелестирилди. Ҳәзирги ўақытта туқымлық бийдайларды тәрбиялаў жумыслары алып барылмақта.
Егилген бийдай майданлары толық баслаў фазасында болып, бул жерлерди толығы менен еки мәрте азықландырыў, бир мәрте суўғарыў, үш мәрте суспензия себиў ҳәм жабайы шөплерге қарсы бир мәрте гербицидлер менен қайта ислеў жумыслары жуўмақланып, апробация өткериўге таярланбақта.
Сондай-ақ, мониторинг даўамында барлық туқымлық бийдай майданларында туқымлық бийдайды сәўлелендириўши паннолар орнатыў, жабайы сортлар ҳәм шөплерден тазалаў мақсетинде қолдан сортлық отағын өткериў жумысларының белгиленген талапқа жуўап бермейтуғын етип, сапасыз шөлкемлестириў жағдайлары бойынша апробация көзден өткериўине таярлаў ҳаққында туқымгершилик субъектлериниң басшыларына ҳәм бул илажды сапалы өткерилиўин тәмийинлеў бойынша районлық аўыл хожалығы бөлими баслығына жазба көрсетпелер берилди.
Районда келеси жылдың өними ушын егилген туқымлық бийдай майданларындағы өнимди сепситпей, қысқа мүддетте жыйнап алыў мақсетинде 1 орым-жыйын отряды, 2 дән орыў комбайны, 4 дән тасыў автомашинасы ҳәм 1 дән қабыллаў шақапшасы бириктирилген. Бул жумыслардың барысы қатаң қадағалаўға алынған.
А.ҚУРБАНБАЕВ,
«Өзагроинспекция»ның Шоманай районы бөлиминиң аға инспекторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги