Республикамызда пуқаралар жыйыны баслықларын сайлаўы болып өтпекте. Усындай сайлаў Нөкис қаласы “Ата мәкан” мәкан пуқаралар жыйынында да болып өтти. Сайлаў алдынан пуқараларға мәкан пуқаралар жыйынының баслығы лаўазымына талабанлар Муратбай Шабанов, Рахат Алламуратовлардың  өмир жолы, жумыслары жақыннан таныстырылды.

Атап өтилгениндей, бул мәкан пуқаралар жыйынында 5831 адам жасайды. Соннан 18 жастан асқан пуқаралар 3784 адамды қурайды. Солардан 454 адам сайлаўға қатнасыушы ўәкил етип белгиленген. Сайлаўға усы пуқаралар жыйыны ўәкиллери қатнасып, өзлери  ылайық деп тапқан талабанына  жасырын даўыс берди.

Сайлаў нәтийжелерине бола 77% даўысқа ийе болған Рахат Алламуратов мәкән пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына қайта сайланды.

 

Арыўхан  Нуратдинова,

Дильназ Өмирбаева,

  ҚМУ журналистика бағдары 1-курс студентлери.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги