ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңеси, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими, Мәлимлеме-китапхана орайы менен  биргеликте «Жаңа ояныў дәўири – китап ҳәм китапханадан басланады» атамасында руўхый ағартыўшылық илажын шөлкемлестирди.

Илажда 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, жаслардың мәнаўиятын раўажландырыў мақсетинде олардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларға руўхый азық болып хызмет ете алатуғын, оларды  миллий идея менен суўғарып, қаҳарманлыққа ҳәм жигерлиликке тәрбиялай алатуғын үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз, миллий қәдириятларымыздың тәсиршеңлигин китап оқыў арқалы күшейтиў бойынша мәселелер додаланды.

Сондай-ақ, райондағы Балалар үйинен Fаниевлер менен Сапаровлардың шаңарақлары арасында, жәмлеспеген жаслар менен мектеп оқыўшылары арасында ҳәр қыйлы викториналық ойынлар өткерилди.

Илажда 7-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары, районлық «Бәркамал әўлад», мәденият бөлими өзлериниң көргизбели ҳәм сахналық шығыўлары менен белсене қатнасты.

Илажға белсене қатнасқан жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Хатира Турсынғалиева,

ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги