Бүгин елимизде көркем әдебиятқа қызығыўшы жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға шараят жаратып бериўге айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде бүгинги күни  780 оқыўшы билим алып, солардан 705 оқыўшы өзлериниӊ қызығыўшылығына қарай 14 пән дөгереги, 4 спорт секциялары, «Бәркамал әўлад» балалар дөретиўшилик мектебиниӊ тигиўшилик дөгереги ҳәм Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниӊ миллий гүрес ҳәм бокс бөлимлерине шуғылланыўы ушын қамтып алынған.

Олар бүгинги күни усы дөгерек ҳәм спорт секцияларына турақлы түрде қатнасып, соӊғы ўақытлары бир қатар жоқары көрсеткишлерге ерисип келмекте.

Сондай-ақ, мектебимизде көркем әдебиятқа қызығыўшы жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға шараят жаратып бериўге айрықша итибар қаратылып келинбекте. Бул бағдарда «Жас китапқумарлар» ҳәм «Жас қәлемкешлер» дөгереклери шөлкемлестирилип, дөгерек басшылары тәрепинен турақлы түрде ҳәр қыйлы ағартыўшылық илажлар ҳәм таӊлаўлар өткерилмекте.

Усындай илажлардыӊ бири ретинде усы дөгерек ағзаларыныӊ Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамыныӊ Қарақалпақстан бөлими ҳәм И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген дөретиўшилик мектебине барған сапарын айтсақ болады.

Бул жерде жас қәлемкеш ҳәм китапқумар оқыўшыларымыз Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, жазыўшы Б.Ерназаров, Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист К.Реймов, журналист ҳәм жазыўшы Б.Бекмуратов, “Әмиўдәрья” журналыныӊ жуўаплы хаткери М.Атажанов, Қарақалпақстан халық шайыры Т.Мәтмуратовтыӊ зайыбы А.Мәтмуратова, И.Юсупов атындағы мектеп директорыныӊ орынбасарлары ҳәм оқыўшылары менен ушырасып, олар менен сәўбетлести ҳәм өзлериниӊ қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ушырасыўлар даўамында оқыўшылар дөретиўши инсанлардыӊ жумыс ислеў усыллары менен жақыннан танысып, олардан өзлерине керекли болған ис-тәжирийбелер алды.

Султанбай Абдуллаев,

Шымбай районлық ХББға қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директорыныӊ орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги