Нөкис районында бүгинги күни 8 аўыл, 3 мәкан пуқаралар жыйыны болып, бул аймақларда да ҳәзирги күнлери пуқаралар жыйыны баслығы(ақсақалы)н сайлаў илажлары өткерилмекте.
Кеше үш мыӊнан аслам халық жасайтуғын «Қутанкөл» мәкан пуқаралар жыйынында жыйын ақсақалы сайлаўы болып өтти.
Оған сайлаўға қатнасыўшы 266 ўәкилден 227 сайлаўшы қатнасты ҳәм жыйын ақсақалы лаўазымына талабанлыққа аўыл-аймақ арасында үлкен абырайға ийе Шанжарбек Оразбаевич Қалмуратов, Анварбек Базарбаевич Қойлыбаев, Умирхан Сражовна Сабырбаева ҳәм Рахат Хамидуллаевич Пурхановтыӊ кандидатурасы усынылып, олар өзлериниӊ сайлаў алды бағдарламасы менен жыйналғанларды таныстырды.
Белгиленген нызамшылыққа сай өткерилген сайлаў нәтийжесинде, “Қутанкөл” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына басқа талабанлардан көп даўыс алған Анварбек Базарбаевич Қойлыбаев сайланды.
-Халық өзлери таӊлаған талабанға даўыс бермекте,-дейди бизге Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге көмеклесиў бойынша районлық комиссия баслығыныӊ орынбасары Турсынбай Аташов.-Бул болса, сайлаўшылардыӊ белсендилиги артып атырғанлығын айқын көрсетеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы