Кегейли районындағы «Жалпақжап» ҳәм «Көкөзек» аўыл пуқаралар жыйыны бурын бир жыйын қурамында еди. Бирақ, жыйын аймағында жасаўшы халықтыӊ орайдан әдеўир аралықта шашаў жайласқанлығы есапқа алынып, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ 2021-жыл май айындағы арнаўлы қарары тийкарында, тийкарынан бурынғы «Қуўанышжарма» хожалығы аймағында «Көкөзек»  аўыл пуқаралар жыйыны шөлкемлестирилди.

18-19-май күнлери республикамыздыӊ барлық орынларында болғаны сыяқлы, усы аймақларда да Пуқаралар жыйыны баслығы(ақсақалы)н сайлаў болып өтти.

Өткерилген сиясий илаж сайлаў нызамшылығына тийкар алып барылып, аўыл халқы өзлери мүнәсип деп билген талабанларына даўыс берди.

Сайлаў нәтийжесине бола, «Жалпақжап»  аўыл пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына усы күнге шекем «Тақыятас нефтбазасы» ЖШЖ ныӊ 4-дәрежели аймақлық операторы болып ислеп киятырған Нарымбет Палымбетович Қалекеев өзиниӊ еки қарсыласынан көбирек даўыс алып, жыйын ақсақалы лаўазымына тайынланды.

«Көкөзек»те өткерилген сайлаўда болса, пуқаралар жыйыны ақсақалы лаўазымына аймақтағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ директоры Саламат Төребаевич Өтебаев ҳәм усы күнге шекем жыйын ақсақалы болып ислеп киятырған Тилеген Караматдинович Жүндиллаевтыӊ кандидатурасы қойылды.

Өткерилген бул сайлаўға аймақтан даўыс бериў ҳуқықына ийе 213 ўәкилден 194 сайлаўшы қатнасты ҳәм онда жабық даўыс бериў жолы менен Тилеген Караматдинович Жүндиллаев «Көкөзек» аўыл пуқаралар жыйыны ақсақалы етип сайланды.

-Районымызда сайлаўды көтериӊки руўхта өткериў мақсетинде, сайлаў күни Кегейли районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен саз-сәўбетли концерт бағдарламалары қойып берилмекте,-дейди бизге Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге көмеклесиў бойынша комиссиясы баслығыныӊ орынбасары Алишер Сейтимбетов.-Бул болса, халықтыӊ кеўлин көтерип, олардыӊ өзлерине деген исенимин арттырмақта.

Ҳақыйқатында да соӊғы жыллары елимиздеги ашықлық ҳәм жәриялылық сиясаты нәтийжесинде халық өзлериниӊ исенген талабанларына даўыс бермекте. Бул болса, әлбетте мәмлекетимиздиӊ еле де раўажланыўы ҳәм адамларымыздыӊ абадан турмыс кешириўине тийкар жаратады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы