Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында усы атамада таңлаў болып өтти.
Филиалда билим алып атырған екинши курс студентлери арасында шөлкемлестирилген таңлаў тийкарынан еки басқыш бойынша өткерилди. Қатнасыўшылар қарақалпақ, өзбек, түрк, украин, ҳинд, корейс сыяқлы түрли миллет ўәкиллериниң образларын сахнаға алып шықты.
Атап айтқанда, биринши шәртте миллий кийимлер көргизбеси шеңберинде ҳәр бир қатнасыўшы өзлери таңлаған образлар арқалы төрешилер қурамының ағзаларына қызықлы мағлыўматлар берди. Екинши шәрт даўамында сол миллетке тән болған үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди өзинде жәмлеген миллий шығыўлар, қосық ҳәм аяқ ойынларды атқарды. Сондай-ақ, олар тәрепинен таярланған видеороликлер көрсетилди.
Таңлаў жуўмағында ветеринария медицинасы тәлим бағдарының студенти Шахида Қарлыбаева биринши орынды ийелеп, жеңимпазлықты қолға киргизди. Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория иси тәлим бағдары студенти Венера Жолдасбаева екинши, зооинженерия (балықшылық) тәлим бағдары студенти Бийбизада Алламуратова үшинши орынды алыўға еристи.
Жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги