Кинемотография агентлигиниң буйыртпасына муўапық режиссёр Ҳилол Насимов тәрепинен сүўретке алынған «Мийрас» («Наследие») фильми халықаралық кинофестивальларға қатнасып, мүнәсип сыйлықланды, деп хабар бермекте агентликтиң баспасөз хызмети.
Фильм Қубла Африканың Перу мәмлекети Лима қаласында өткерилген «Imperal International Film Festival»ға қатнасып, «Ең жақсы сырт ел фильми» номинациясында жеңимпаз болды, Ҳиндстанның Калкутта қаласында өткерилген халықаралық кинофестивальда болса «Жылдың ең жақсы сырт ел фильми» номинациясында жеңимпаз болды.
Фильмде өзбек ҳәм қазақ халықларының әййемги дослығы, үрп-әдет ҳәм дәстүрлериниң уйқаслығы көркем сүўретленген.
Сондай-ақ, бул фильмниң Россия халық артисти Николай Бурляев басшылығында өткерилип атырған «Золотой Витязь» халықаралық кинофестивалына да кандидатурасы киргизилген. Фестиваль 22-28-май күнлери болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги