Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейи дәслеп Қарақалпақстанның биринши пайтахты Төрткүл қаласында шөлкемлестирилген. Музейди шөлкемлестириўде Е.Досназаров, Г.Убайдуллаев, Н.В.Торчинская, Н.Баскаков, Қ.Айымбетовлар өзлериниң айрықша үлеслерин қосқан. Әмиўдәря суўының тасып кетиўи нәтийжесинде музей 1944-жылы Нөкис қаласына көшириледи. Сол дәўирлерде музейге келген Өзбекстан Пәнлер Академиясы Президенти, академик Т.Н.Ниёзов басшылығындағы академик Ойбек (Мусо Тошмухаммедов), академик В.Воҳидов сыяқлы Өзбекстанның бир қатар илимпазлары ҳәм россиялы С.П.Толстов пенен Т.А.Жданколар өзлериниң музейден алған тәсирлерин жазып қалдырған. 1959-жылы Өзбекстан илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалы шөлкемлескеннен кейин музей усы филиал ықтыярына өткериледи. 1965-жылы музей қала орайында жайласқан еки қабатлы имаратқа көшириледи.
Ҳәзирги күнде музейде 80 мыңнан аслам экспонат сақланбақта. Музей експозиция залы, “Тәбият-археология”, “Етнография”, “Жаңа тарийх” бөлимлеринен ибарат.Музей коллектсиясында зергерлик, археология, өнерментшилик, әмелий көркем өнер, тәбият, ХХ әсирге тийисли болған мағлыўматлар, Қарақалпақстанда Арал бойында дөретиўшилик пенен шуғылланған сүўретшилердиң көркем өнер дөретпелери сақланады.
Музейдиң аты Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-декабрьдеги 975-санлы қарарына тийкарланып “Қарақалпақ үллкетаныўшы” атамасы “Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи” атына өзгертиледи. Сондай-ақ, усы қарар тийкарында Мойнақ районында “Экология” ҳәм “Арал теңизи тарийхы” музейи, Елликқала районында “Археология” музейи филиаллары шөлкемлестирилди.
Музейде бир қанша көргизбе ҳәм илажлар өткерилип келинбекте. Атап айтқанда 8-март Халық аралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен “Муқаддес ҳаял”, 21-апрел “Сүўретшилер күни”не бағышланып “Реңлер драматургиясы” атамаларында көргизбелер болып өтти. Быйыл 18-май Музейлер күни мүнәсибети менен бул жерде “Музей-тарийх айнасы” сүрени астында көргизбелер шөлкемлестирилди.
Арыўхан Нуратдинова,
Дилназ Өмирбаева
ҚМУ Журналистика бағдариниң 1-курс студентлери
Қарақалпақстан хабар агентлиги