Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 17-май күни товар-шийки зат биржасында саўдаларды ҳәм онда жергиликли кәрханалардың қатнасыўын кеңейтиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Биржа бул – базар экономикасының әлипбеси. Ондағы саўдалар еркин бәсекини қәлиплестиреди, исбилерменлерге жаңа базарларды ашады «жасырын экономика» ҳәм коррупцияны кескин азайтады.
Усы бағдардағы реформалардың нәтийжесинде кейинги үш жылда елимизде саўда айланысы 2 есеге өсип, 90 триллион сумға жеткен, сатылатуғын товарлардың саны болса 3 есеге көбейген.
Буннан тысқары, сырт еллерде Өзбекстан товар-шийки зат биржасының 20 саўда майданшасы шөлкемлестирилип, усы жылдың 4 айында олар арқалы 170 миллион долларлық өним сатылған. Сондай-ақ, 1 мың 200 ден аслам сырт ел компаниялары елимиз биржасына үлкен көлемдеги өним қойыўды баслады.
Бурын саўдаларда «дәлдалшы»лар көп болғаны сыр емес. Өткен жылы болса ири кәрханалар биржадағы ашық-айдын саўдалардың есабынан 8 триллион сум қосымша дәрамат алған.
Соның менен бирге, биржа саўдаларын шөлкемлестириў, жергиликли исбилерменлердиң қатнасын кеңейтиў бойынша елеге шекем айырым кемшиликлер бар.
Мысалы, биржа саўдаларының 85 процентин 45 түрдеги жоқары ликвидли товарлар қурамақта. Тоқымашылық, жипек, былғары ҳәм кабель өнимлери, аймақлардан Сырдәрья, Әндижан ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары кәрханаларының биржа саўдаларына қатнасыўы төмен болып тур.
Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы жергиликли өнимлерди биржаға қойыўда районларды жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Мысалы, 1 июльден 500 мың тонна ғәллени биржа арқалы сатыў жолға қойылады. Мәжилисте бул процессти шөлкемлестириў, фермер ҳәм жүк тасыўларды дизимнен өткерип, оларға қолайлылық жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Соның ишинде, фермерлер бийдайды биржаға қойғанда олардан гиреў талап етилмейди. Сатылған өнимге биржа тәрепинен бир күнде төлем әмелге асырылады. Фермерге төлемлер өз ўақтында ҳәм толық келип түсиўине биржа кепиллик береди.
– Бул районлардың биржаға қатнасыўын кеңейтиў ушын жақсы имканият, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бүгнги күнде 45 мыңнан аслам жергиликли санаат кәрханаларынан тек ғана 3 мың 600 и биржаға өнимин шығармақта. Әлбетте, бул оғада аз.
Сонлықтан, жергиликли өнимлерди биржа саўдаларына шығарыў тәртиби жеңиллетилетуғын болды.
Соның ишинде, 1 июльден биржада айрықша перспективалы товарлар секциясы шөлкемлестирилип, жергиликли исбилерменлердиң өз өнимин артықша ҳүжжетлерсиз сатыўы жолға қойылады. Ең жақсы сатылған товарлар кейин ала, биржаның тийкарғы саўда орынларына орналастырылады. Исбилерменлерди мәмлекетлик дизимге алыўда, бир ўақыттың өзинде, биржада да есапқа алыў тәртиби енгизиледи.
Және бир қолайлылығы – жергиликли исбилерменлердиң өнимлерине биржа төлемлери 2 есеге шекем қысқартылады. Салық қадағалаўында исбилерменлердиң биржа арқалы сатқан ямаса сатып алған товарлары бойынша қосымша үйрениўлер өткерилмейди.
Бундай имканиятлардан пайдаланып, биржадағы товар айланысын 2 есеге арттырыў мүмкин екени атап өтилди. Атап айтқанда, химия, нефть-газ, металлургия, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санаатындағы үлкен резервлер көрсетип өтилди.
Биржада экспорт-импорт өнимлерин саўда көлемин кеңейтиў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Бул бағдардағы тәртип-қағыйдаларды да жеңиллетиў илажлары белгиленди.
Мәжилисте биржа саўдаларына қатнасыўды қәлейтуғын исбилерменлерге жәрдемлесиў, бул тараўда қәнигелер таярлаў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.
Тармақ ҳәм аймақ басшылары биржа саўдаларын кеңейтиў режелери бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА