Башқуртстан Республикасының басшысы Радий Хабиров басшылығындағы ҳүкимет ағзалары, министрлик пенен мәкеме басшыларынан ибарат  делегация  республикамызда болды.

Нөкис халықаралық аэропортында делегация ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев күтип алды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов делегация ағзаларын республикамызға сапары менен қутлықлап, еки ел арасында өз-ара дослық, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде түрли миллет ўәкиллери,  соның ишинде башқуртлар бир шаңарақ ағзаларындай татыў, дослықта жасап келмекте. Олардың миллий мәдений мийрасын, дәстүрин үрп-әдетин ҳәм ана тилин раўажландырыўға, басқа мәдений орайлар менен байланысларын  раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте.

Өз гезегинде Башқуртстан Республикасының басшысы Р.Хабиров жыллы-жүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылық билдирип, инвестиция ҳәм экономикалық тараўларда биргеликте жумыс алып барыўға мәпдар екенлигин билдирди.

Ушырасыў соңында өз-ара бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойылды.

Делегация ағзалары И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, бул жердеги экспонатлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери