Түркияныӊ Стамбул қаласында ҳаял-қызлар арасында өткерилип атырған жәҳән чемпионаты өзиниӊ шешиўши басқышына жетип келди.

Атап айтқанда чемпионатта шерек финал ушырасыўлары жуўмақланып, ярым финалға қатнасыўшы спортшылар анықланды.

Қуўанышлы тәрепи сонда Өзбекстан Республикасы сайланды командасынан мәмлекетимиз тарийхында ересек ҳаял-қызлар арасында биринши мәрте Азиза Ёқубова ҳәм Моҳира Абдуллаева ярым финал жолламасын қолға киргизди.

Сондай-ақ, жәҳән чемпионатыныӊ ярым финалына Түркиядан 7, Қазақстаннан 5, Ҳиндстан, Таиландтан 3, Италия, Алжир, Бразилия, Канада, Ирландия, Мозамбик, Польшадан 2, Аргентина, Болгария, Қытай Тайпейи, Колумбия, Франция, Косово, Литва, Марокко, Нидерландия, Панама, Румыния, Испания, АҚШтан 1 боксши қатнасыў ҳуқықын жеӊип алды.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, Ҳиндстан, Қазақстан, Түркия ҳәм Украина сайланды командалары жәҳән чемпионатына толық қурамда яғный, 12 боксши менен қатнаспақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы