Шымбай районында соӊғы ўақытлары әдебият, көркем өнер, мәденият ҳәм спортқа қызығыўшы жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Буныӊ нәтийжесинде бүгинги күни район жаслары республика ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын таӊлаўлар менен жарысларда жеӊимпазлықты қолға киргизип келмекте. Әлбетте, жаслардыӊ бундай жетискенликлерге ерисиўинде район ҳәм сектор көлеминде өткерилетуғын мәдений илажлардыӊ әҳмийети оғада үлкен. Сонлықтан, Шымбай районы ҳәкими, сектор баслықлары, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Жаслар аўқамы шөлкеминиӊ районлық бөлимлери усындай илажларды өткериў ҳәм оны қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратып келмекте.

Усындай илажлардыӊ бири жақында район орайындағы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде болып өтти.

Онда көркем өнерге қызығыўшы 8 команда ағзалары «Өмирбек лаққы лигасы» таӊлаўында қатнасып, өзлериниӊ таярлап келген қызықлы номерлерин илаж қатнасыўшыларына көрсетти ҳәм қатнасыўшы командалардыӊ сахнаға ҳәр бир шығыўлары тәжирийбели төрешилер тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып барылды.

Таӊлаў соӊында  районлық ХББға қараслы 44-санлы мектептиӊ «Өзгелерден өзгеше» командасы 1-орынды ийелеп, район ҳәкимлиги тәрепинен Диплом ҳәм 5 000 000 сум менен сыйлықланды. Ал,  2-орынды ийелеген «Шахтемир» командасына 3 000 000 сум, 3-орынды ийелеўге ерискен «Шымбай жаслары» командасына 2 000 000 сум ақша сыйлық сыпатында тапсырылды.

Сондай-ақ, таӊлаўда белсене қатнасқан «Шымбай шоу» ҳәм «Пантамас» командалары да арнаўлы Диплом ҳәм хошаметлеўши естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Илажда Шымбай районы ҳәкими Айбек Тажетдинов шығып сөйлеп, жеӊимпазларды ерискен табыслары менен қутлықлады ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде бундай таӊлаўларды өткериў, оларды хошаметлеў бойынша жумыслар район ҳәкимлиги тәрепинен турақлы түрде алып барылатуғынлығы ҳаққында айтып өтти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы