Бүгин, 17-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Түркий тиллер факультети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының шөлкемлестириўинде «Филологиядағы фундаменталь изертлеўлер ҳәм оқытыўдың инновациялық имканиятлары» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция өз жумысын баслады.

Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисине Қазақстан Республикасындағы бир қатар жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларынан профессор-оқытыўшылар, докторантлар, институттың магистрантлары ҳәм студентлери, соның менен бирге, қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы менен бирге ислесиў жумысларын жолға қойған Нөкис қаласы ҳәм Хожели районындағы мектеплердиң жәмәәти қатнасты.

Конференцияны кафедра баслығы, филология илимлери бойынша философия докторы, доцент Ы.Қуттымуратова басқарып барды.

Илажда институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры М.Жалелов сөзге шығып, соңғы жылларда институтта профессор-оқытыўшылар, докторантлар тәрепинен әмелге асырылып атырған илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелери ҳаққында айтып өтти. Усы қатарда қазақ тили ҳәм әдебияты бойынша исленип атырған илимий жумыслар туўралы сөз етип, конференцияның жумысларына табыслар тиледи.

Конференцияда Әл-Фарабий атындағы Қазақ Миллий университети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты Э.Пертаева, Халықаралық Тараз инновациялық институты қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты Р.Беркенова, М.Х.Дулатий атындағы Тараз регионаллық университети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты А.Карибаева, Халықаралық Тараз инновациялық институты, қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының аға оқытыўшысы, педагогика илимлериниң магистри Б.Стамқулова, Хожа Ахмет Яссаўий атындағы Халықаралық қазақ-түрк университети қазақ филологиясы кафедрасының оқытыўшысы, филология илимлериниң кандидаты И.Досбол, Нызамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы, педагогика илимлериниң докторы, профессор Е.Абдувалитов XVIII-XIX әсирдеги қазақ әдебияты, қазақ балалар драматургиясының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы, қазақ тилиндеги терминлердиң қолланылыў өзгешеликлери, М.Әўезов дөретиўшилиги, санлы технологияларды инновациялық билимлендириўге енгизиў, түркий халықлар лирикасындағы түркийшиликти жырлаўдағы метафоралық ойдың байланыслылығы бойынша, сондай-ақ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ тил билими кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы Ш.Абдиназимов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов, институттың өзбек тили кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы Ю.Ибрагимовлар қарақалпақ тил билиминиң раўажланыў бағдарлары, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда түркий тиллес халықлардың ортақ мәдений мийрасларының орны ҳәм усы мазмундағы баянатларын жасады.

Илажда жасалған баянатларда қазақ, қарақалпақ ҳәм өзбек халықларының тил билими, әдебияты бойынша байланыслары, мазмунлық, тематикалық жақтан бир-бирине үнлеслиги, биргеликте әмелге асырылып атырған илимий-изертлеў ҳәм илимий-педагогикалық жумыслар, оларды буннан былай да беккемлеў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисинен соң институттың «Тумарис» халық ансамбли, «Сый перде» дуўтаршылар ансамбли, қазақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының талантлы студентлери, мектеплердиң оқыўшылары, сондай-ақ, елимизге белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы көркем-әдебий бөлим ҳәм концерт бағдарламасы қатнасыўшылар итибарына усынылды.

Концерт бағдарламасынан соң ашылыў пленарлық мәжилисинде өз баянатлары менен қатнасқан профессорлар ҳәм мийманларға дипломлар, естелик саўғалары тапсырылды.

Конференция өз жумысын секциялар бойынша даўам еттирди.

Илаж ертең, 18-май күни жуўмақланыўы белгиленген.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.