Бүгин Тахтакөпир районында 40 мыӊға шамалас халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте.

Усы халықтыӊ абадан турмыс кешириўинде өзин-өзи басқарыў уйымлары басшыларыныӊ атқаратуғын хызмети айрықша болып табылады. Буны дурыс түсинген район турғынлары  «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўға белсене қатнаспақта.

Атап айтқанда, кеше «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйынында сайлаў болып өтип, онда бурын усы аймақтыӊ пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымында ислеп киятырған Нийетбай Айымбетов өз қарсыласы Сабыр Абдировқа қарағанда көбирек даўыс  топлап, және бир мәрте посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы болып сайланды.

Сондай-ақ, бүгин район орайындағы «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынында пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўы илажы өткерилди.

Бул аймақтан Пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына талабан етип ҳәзир район ҳәкимлигинде жуўапкерли жумыслардыӊ биринде ислеп киятырған Салаўат Аяпбергенович Нурлыбеков ҳәм бурын көп жыллар район ҳәкиминиӊ орынбасары болып ислеген, Сенат ағзасы болып сайланған, ҳәзир Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеӊесиниӊ депутаты Айсанем Жолдасбаевна Аллиярова усынылды.

Сайлаў нәтийжелерине бола,  “Ғәрезсизлик” МПЖ баслығы лаўазымына сайлаўшылар арасында көп даўыс топлаған Айсанем Аллиярова сайланды.

-Районымызда бүгинги күни 1 посёлкалық, 8 мәкан ҳәм 8 аўыллық пуқаралар жыйыны болып, оларда сайлаўды шөлкемлескенлик пенен өткериўге пуқта таярлықлар көрилди,-дейди бизге Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге көмеклесиў бойынша комиссиясы баслығыныӊ орынбасары Қуўатбай Елмуратов.-Районымыз бойынша сайлаўлар 26-майда жуўмақланады. Быйылғы сайлаўларға халықтыӊ қызығыўшылығы жоқары. Сонлықтан олар өз талабанларын сайлаўда белсендилик көрсетпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы