Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Владимир Норов мәмлекетимизге сапар менен келген Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Чжан Мин менен ушырасты.
Өзбекстанның ШБШға басшылығы шеңбериндеги илажларға байланыслы мәселелер бойынша пикир алысты. Өзбекстан басшылығында усы күнге шекем 40 тан аслам илаж табыслы өткерилгени атап өтилди, май-сентябрь айларына мөлшерленген жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың шөлкемлестириў тәрепи, күн тәртиби додаланды.
Тәреплер атап өткениндей, Өзбекстанның басламасы менен ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары жолға қойылған. Ҳәзирги процесс шөлкемниң күн тәртибин заманагөй ўақыяны есапқа алған ҳалда байытыўға хызмет етпекте. Атап айтқанда, ШБШға ағза мәмлекетлер мәлимлеме-коммуникация технологиялары, кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши мәрте министрлер мәжилислери шөлкемлестирилди. 17-май күни Ташкент қаласында өсимликлер карантини бойынша жуўапкер уйымлар басшыларының биринши мәжилиси болып өтеди.
ШБШ Бас хаткери тийкарғы ўақыя – 2022-жыл 15-16-сентябрь күнлери болып өтетуғын ШБШға ағза мәмлекетлер Мәмлекетлик басшылары кеңесиниң мәжилисине таярлық көриў, мәмлекетимиз тәрепинен Самарқанд саммитин мазмуны жағынан байытыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды жоқары баҳалады. Усы көзқарастан, болажақ саммит шеңберинде қол қойылыў режелестирилген ҳүжжетлерди келисиў процесин тезлестириў бойынша жедел ҳәрекетлерди даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
ШБШ жумысын және де раўажландырыў, структураның халықаралық майдандағы абырайын және де арттырыў бойынша пикир алысылды.
Сөйлесиўде халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибине байланыслы айырым мәселелер, соның ишинде, Аўғанстандағы ҳәзирги жағдай да көрип шығылды.
Ғ.ХОННАЗАРОВ, ӨзА