Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы өз жумысларын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкиметиниң исбилерменликти раўажландырыў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўды күшейтиў бағдарында қабыл еткен пәрман ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик статистика комитетиниң комплексли илажлар режесине муўапық әмелге асырып келмекте.
– Онда хызметлер тараўын раўажландырыў есабынан жалпы ишки өнимди көбейтиў, аўыллық жерлерде хызметлерди раўажландырыў, инженерлик-коммуникация, жол транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, тармақларда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў есабынан хызметлер тараўын, қурамалы өзгерислерди жедел раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, бәсекилик орталығын қәлиплестириў, киши ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыўға көмеклесиў, ҳәр қыйлы инновациялық хызметлерди, жаңа байланыс қуралларын кеңейтиў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген,-дейди Статистика басқармасының хызметлер тараўы статистика бөлими баслығы Б.Тажибеков. – Сондай-ақ, халықтың телекоммуникация тармақларынан пайдаланыў бойынша техникалық имканиятларын тәмийинлеў, сапалы хызмет көрсетиў, телефон байланысы ҳәм телевидениениң санлы системасына толық өтиў, байланыс ҳәм мәлимлемелестириўдиң республика экономикасындағы үлесин көбейтиў, ең жаңа электрон, төлем технологияларын енгизген ҳалда финанс хызметлерин раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялық хызметлерди және де раўажландырыў да белгиленген.
Республикамызда усы жыл январь-март айлары жуўмағы менен көрсетилген жәми хызметлердиң көлеми 2225,1 млрд. сум болып, өсим пәти 2021-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 118,3 процентти, соннан аўыллық жерлерде 503,4 млрд. сум, яғный көрсетилген жәми хызметлердиң 22,6 процентин қурады.
Хызметлер көлеминдеги киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң үлеси 48,5 процентти қурайды.
Жыл басынан халықтың жан басына 1139,8 мың сумлық хызметлер көрсетилген.
Жәми көрсетилген хызметлер көлеминде үлкен үлести төмендеги хызмет түрлери қурайды:
- Транспорт хызметлери 582,2 млрд. сум, үлеси 26,2 %
- Финанслық хызметлер 537,9 млрд. сум, үлеси 24,2 %
- Саўда хызметлери 465,3 млрд. сум, үлеси 20,9 %
- Байланыс ҳәм мәлимлеме хызметлери 124,2 млрд. сум, үлеси 5,6 %
- Билимлендириў тараўындағы хызметлер 98,0 млрд. сум, үлеси 4,4 %
- Жеке хызметлер 84,1 млрд. сум, үлеси 3,8 %
- Басқа хызметлер 69,1 млрд. сум, үлеси 3,1 %
- Компютерлерди оңлаў бойынша хызметлер 66,8 млрд. сум, үлеси 3,0 %
Бул көрсеткишлер хызметлер тараўының экономикада тутқан орны жүдә әҳмийетли екенлигин көрсетпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги