Мағлыўматларға қарағанда, усы жылы мектеп сабақлықларын жаңалаўға 605 миллиард сум ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Республикалық билимлендириў орайы мәлимлеме хызметиниң баслығы Моҳира Нуруллаеваның қатнасыўындағы брифингте усынылған мағлыўматлар бойынша, жаңа оқыў жылынан 1-11-классларда инглис тили ҳәм 5-11-классларда информатика пәни Кембридж сабақлықлары және методикасы бойынша оқытылады.
Қәнигениң сөзлерине бола, 2021-2022-оқыў жылы ушын 1-, 2-классларда 154 автордың қатнасыўында 326 атамада заманагөй оқыў-методикалық әдебиятлар жаратылған. Сондай-ақ, биринши мәрте пәнлер ушын муғаллим китабы, баслаўыш классларда шынығыў дәптери ҳәм мобиль қосымшалар таярланбақта.
Усы жылы сабақлықларды жаратыў мақсетинде ажыратылып атырған қаржылар жаңа оқыў жылында 3-, 6-, 7-, 11-классларда барлық сабақлықларды жаңалаўға, жәми 422 атамада оқыў әдебиятларын таярлаўға жумсалады.
Өзбекстан мектеп билимлендириўинде дәслепки рет сырт елден ең жақсы оқыў әдебиятларын мектеплер ушын адаптациялаў әмелияты жолға қойылды. Бүгинги күнде жәми 46 атамадағы оқыў әдебиятлары Өзбекстанға бейимлестирилди, аўдарылды ҳәм тәжирийбе-сынақтан өткерилди.
Түри ҳәм мазмуны жағынан пүткиллей өзгерген мектеп сабақлықлары халықаралық көлемде тән алынған раўажланған мәмлекетлер сабақлықларының жетискенликлери ҳәм ХХI әсир мийнет базары ушын ийелениўи зәрүр болған көнликпелер есапқа алынған.
Брифингте атап өтилиўинше, миллий класслар ушын 2-11-класс рус тили сабақлықлары ҳәм шынығыў дәптерлери, жәми 20 атамадағы әдебиятлардың оригинал макет жойбары А.И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети менен таярланды. Немис тили оқытылатуғын классларда усы жылы Германияның «Клетт» басылымының 28 атамадағы немис тили сабақлықлары әмелиятқа киргизиледи. Бүгинги күнде Франция менен де француз тилин үйрететуғын ең алдынғы сабақлық комплекслерин алып келиў бойынша да сөйлесиўлер алып барылмақта.
Ең әҳмийетлиси, мектеплеримизге жаңа сабақлықлар арқалы жаңа методика – оқытыў көзқарасы кирип бармақта. Ол жәмийеттеги ҳәзирги ўақыттағы өзгерислер, мийнет базары, оқыўшының қызығыўшылықлары, когнитивлик раўажланыўын есапқа алғаны менен өзине тән болып есапланады.
Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзАның хабаршысы