«Халыққа реформалардың мазмун-мәнисин жеткериў, олардың сана-сезими, руўхый-ағартыўшылық дүньяға көзқарасын өзгертиў» атамасында Мәмлекетлик грантлар ажыратыў ушын 2-таңлаўды ЖӘРИЯЛАЙДЫ
Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутатуғын социаллық әҳмийетке ийе жойбарлары қабыл етиледи:
- Мәҳәлледе «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» идеясы тийкарында кең түрдеги үгит-нәсиятлаў жумысларын системалы шөлкемлестириў;
- «Мәҳәлле – социаллық әдиллик орны» сүрени астында реформалардың мазмун-мәнисин мәҳәлле халқына сиңдириў;
- «Әдиллик – нызам үстинлигинде» мәҳәлле пуқараларында жоқары ҳуқықый мәдениятты, нызам ҳәм инсан ҳуқықларына ҳүрмет қарым-қатнасығын қәлиплестириў;
- «Ғәрезсизлик, бәринен бурын, ҳуқық болып есапланады!» жәмийетте инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин ҳүрмет етиў мәдениятын қәлиплестириў;
- «Конституция мениң тәғдиримде» халықты өз ҳуқықларын пуқта билиў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге үйретиў;
- Мәҳәллелердеги дөретиўшилик жумыслар ҳәм социаллық-руўхый өзгерислерди инглис, рус ҳәм басқа да шет тиллеринде сәўлелендириў және социаллық тармақларға жайластырыў;
- Жаңа Өзбекстан стратегиясының мәҳәлледеги әмелий нәтийжесин миллий ҳәм сырт ел медиа дәреклеринде сәўлелендириў;
- Демократиялық реформалардың нәтийжелери, инсан қәдириниң мәҳәлледеги әмелий көринисин баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў;
- Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў жумысларында пуқаралық жәмийети институтларының жумысын күшейтиў;
- «Ўатан ҳәмме ушын муқаддес болып есапланады»
Мәмлекетлик грантты ажыратыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты;
- Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fondngo.uz рәсмий веб-сайтында ҳәм t.me/group_jamoat_fondi телеграм каналында жайластырылған түринде толтырылған мәмлекетлик гранттың жойбары ушын арза;
- Соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының Устав (Реже) нусқасы;
- Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткени ҳаққындағы гүўалық нусқасы;
- Егер жойбарды әмелге асырыў лициензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы;
- Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң усыныс ҳәм қоллап-қуўатлаў хатлары.
Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 100 миллион сумға шекем.
Ҳүжжетлер 2022-жыл 30-апрельден 31-майға шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100035, Ташкент қаласы, Бунёдкор көшеси, 1-жай.
Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fondngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.