«Социаллық-руўхый орталық турақлы болмаған мәҳәллелерде халықты кәсипке таярлаў, қайта таярлаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыўға жәрдемлесиў» атамасында Мәмлекетлик грантлар ажыратыў ушын 1-таңлаўды ЖӘРИЯЛАЙДЫ
Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутатуғын социаллық әҳмийетке ийе жойбарлары қабыл етиледи:
- Жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың исбилерменлик, банк-қаржы тараўындағы билимлерин арттырыў ҳәм турақлы бәнтлигин тәмийинлеў;
- Бағыўшысы болмаған ҳәм майып ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў, үй хожалығын раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў;
- Мүтәж ҳаял-қызларды социаллық-руўхый ҳәм экономикалық қоллап-қуўатлаў;
- Жәмлеспеген жасларды кәсип өнер ийелеўге тартыў, оларға социаллық-руўхый ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў;
- Мәҳәллелердеги мүтәж халық, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың арзыў-нийетлери менен тилеклерин үйрениў ҳәм талантларын қоллап-қуўатлаў;
- Мийнет миграциясынан қайтқан пуқараларға системалы профилактикалық, бәнтлик ҳәм басқа да усындай тараўларда социаллық хызметлерди көрсетиў;
- Келиспеўшилик жағдайлары, шаңарақлық-турмыслық күш көрсетиў, өз жанына қастыянлық етиў илажларының алдын алыўда жәмийетшиликтиң ролин арттырыў;
- Тыныш емес перзентлери болған шаңарақлар менен мәнзилли жумыс алып барыў, турақлы руўхый орталықты жаратыў;
- Адам саўдасының алдын алыў бойынша профилактикалық жумыслар ҳәм оннан жәбир көргенлерге социаллық-психологиялық, экономикалық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў.
Мәмлекетлик грантты ажыратыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты;
- Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fondngo.uz рәсмий веб-сайтында ҳәм t.me/group_jamoat_fondi телеграм каналында жайластырылған түринде толтырылған мәмлекетлик гранттың жойбары ушын арза;
- Соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының Устав (Реже) нусқасы;
- Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткени ҳаққындағы гүўалық нусқасы;
- Егер жойбарды әмелге асырыў лициензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы;
- Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң усыныс ҳәм қоллап-қуўатлаў хатлары.
Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 100 миллион сумға шекем.
Ҳүжжетлер 2022-жыл 30-апрельден 31-майға шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100035, Ташкент қаласы, Бунёдкор көшеси, 1-жай.
Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fondngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.