Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Усы жылы Ханчжоу қаласында (Қытай) болып өтетуғын жазғы Азия ҳәм Параазия ойынларына Өзбекстан спортшыларының ҳәр тәреплеме таярлығын ҳәм табыслы қатнасыўын тәмийинлеў, оларда алтын, гүмис ҳәм бронза медальларды қолға киргизген спортшыларды материаллық қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, елимизде Олимпиада ҳәм Паралимпиада ҳәрекетин буннан былай да раўажландырыў мақсетинде:
- Азия ойынлары шөлкемлестириў комитетиниң усынысына бола Ханчжоу қаласында (Қытай) 2022-жыл 10-25-сентябрь күнлери XIX жазғы Азия ойынлары және 9-15-октябрь күнлери IV жазғы Параазия ойынларына (кейинги орынларда – Азия ҳәм Параазия ойынлары) Өзбекстан спорт делегациясының қатнасыўы режелестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер Азия ҳәм Параазия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаўдың әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:
Өзбекстан спорт делегациясының алдынғы Азия ойынларына салыстырмалы спорт түрлери бойынша 30 дан 35 ке шекем және Параазия ойынларына салыстырмалы параспорт түрлери бойынша 8 ден 13 ке шекем, улыўма профессионал спортшылардың санын 50 проценттен арттырыў;
дәстүрий жеке гүрес спорт түрлери менен бир қатарда оқ атыў, жеңил атлетика, ескек есиў, велоспорт, гандбол, регби, баскетбол 3х3, суў спорты, сондай-ақ, паравелоспорт ҳәм парашахмат спорт түрлери бойынша нәтийжелиликти арттырыў;
спортшылардың генетикалық ҳәм фенокопиялық имканиятларын үйренип, оларға рационал аўқатланыў және шынығыў жүклемелерин дурыс бөлистириў бойынша усыныслар бериў ҳәм оларды миллий сайланды командамызға тартыў, сондай-ақ, ҳәр бир спортшының психологиялық портретин қәлиплестириў арқалы психологиялық таярлап барыў;
спорт түрлери бойынша таярлық процесине сырт ел тренерлерин ҳәм қәнигелерин, соның ишинде, спорт фармакологлары, диетологларын, психологларын тартыў;
спортшылар ушын үзликсиз оқыў-шынығыў жыйынларын өткериў және жуўмақлаўшы таярлық басқышын нәтийжели ҳәм сапалы шөлкемлестириў.
- Өзбекстан спорт делегациясының 2022-жылы Ханчжоу қаласында (Қытай) болып өтетуғын XIX жазғы Азия ҳәм IV жазғы Параазия ойынларына таярлық көриўи ҳәм табыслы қатнасыўы бойынша «жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- а) Азия ҳәм Параазия ойынларында жеңимпаз болған Өзбекстан спортшылары:
алтын медаль ушын – 5 000 АҚШ доллары;
гүмис медаль ушын – 3 000 АҚШ доллары;
бронза медаль ушын – 2 000 АҚШ доллары;
б) Азия ҳәм Параазия ойынларында жеңимпаз болған Өзбекстан спортшыларын таярлаған тренерлер:
алтын медаль ушын – 2 500 АҚШ доллары;
гүмис медаль ушын – 1 500 АҚШ доллары;
бронза медаль ушын – 1 000 АҚШ доллары;
в) Азия ҳәм Параазия ойынларында жеңимпаз болған Өзбекстан спортшыларын таярлаған басқа да қәнигелер (шыпакер, диетолог, массажист ҳәм басқалар):
алтын медаль ушын – 2 000 АҚШ доллары;
гүмис медаль ушын – 1 000 АҚШ доллары;
бронза медаль ушын – 500 АҚШ доллары муғдарында ҳәр бир медаль ушын бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленетуғыны;
г) усы бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржыларының есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Азия ҳәм Параазия ойынларында жеңимпаз болған ҳәм сыйлы орын ийелеген Өзбекстан спортшылары ҳәм оларды таярлаған тренерлер қосымша түрде жергиликли бюджет қаржыларының есабынан төмендеги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен хошаметленетуғыны белгилеп қойылсын:
а) Азия ҳәм Параазия ойынларында жеңимпаз болған ҳәм сыйлы орын ийелеген Өзбекстан спортшылары:
алтын медаль ушын – базалық есаплаў муғдарының 300 есеси муғдарында;
гүмис медаль ушын – базалық есаплаў муғдарының 200 есеси муғдарында;
бронза медаль ушын – базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында хошаметленеди;
б) Азия ҳәм Параазия ойынларында жеңимпаз болған ҳәм сыйлы орын ийелеген Өзбекстан спортшыларын таярлаған тренерлер:
алтын медаль ушын – базалық есаплаў муғдарының 200 есеси муғдарында;
гүмис медаль ушын – базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында;
бронза медаль ушын – базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында;
в) усы бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлер жергиликли бюджеттиң қалдық қаржылары ҳәм дәраматлар режесиниң артығы менен орынланған бөлегинен қапланады.
- Төмендегилер Азия ҳәм Параазия ойынларына таярлық көриўдиң қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети, Өзбекстан Миллий паралимпиада комитетине ажыратылған Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- 2024-жыл Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын ХХХIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпиада ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў бойынша Республикалық комиссияға (А.Н.Арипов):
еки ҳәпте мүддетте Азия ҳәм Параазия ойынларына қатнасатуғын Өзбекстан спорт делегациясы контингентин, сондай-ақ, усы ойынларға басқышпа-басқыш таярлық алып барыўдың схемасын тастыйықлаў;
Азия ҳәм Параазия ойынларына таярлық көриў ҳәм табыслы қатнасыў бойынша усы қарар менен тастыйықланған «Жол картасы»нда жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлерге жүкленген ўазыйпалар менен тапсырмалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын қадағалаў;
спорт тараўындағы маман қәнигелер ҳәм жуўапкер спорт шөлкемлери ўәкиллеринен ибарат Азия ҳәм Параазия ойынларының оператив штабларының жумысын шөлкемлестириў;
Азия ойынлары бағдарламасына киргизилген олимпиада емес спорт түрлерине спорт базаларын бириктириў, спорт инвентарлары менен тәмийинлеў, 110 күнлик үзликсиз жергиликли ҳәм халықаралық оқыў-шынығыў жыйынлары және халықаралық спорт жарысларына сайланды команда ағзаларының қатнасыўын тәмийинлеў;
Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети жанында спортшылардың допинг қадағалаўын алып барыў ушын мөлшерленген Допингке қарсы админстративлик ҳәм басқарыў системасы (ADAMS) бағдарламасы бойынша арнаўлы жумысшы топарларды дүзиў;
нәтийжелилиги төмен болған спорт федерация (ассоциация)ларында заманагөй спорт менеджментин жолға қойыў.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан Миллий олимпиада комитети (Ш.Ташматов), Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети (М.Ташходжаев)не:
спортшылардың халықаралық спорт жарысларына таярлығы даўамында физикалық ҳәм руўхый жағдайын жақсылаў, соның ишинде, тренерлер, спорт шыпакерлери, төрешилердиң қатнасыўында жергиликли ҳәм халықаралық семинар-тренинглер, мастер-класс илажларын өткерип барыў илажларын көриў;
Азия ҳәм Параазия ойынларында Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларының қатнасыўы ушын оларды спорт әнжамлары, рәсмий липас ҳәм спорт экипировкасы менен тәмийинлеў;
Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте Азия ҳәм Параазия ойынларында Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларын салтанатлы шығарып салыў ҳәм күтип алыў илажларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленсин.
- Өзбекстан Миллий олимпиада комитети (Ш.Ташматов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) миллий сайланды команда ағзаларына медициналық хызмет көрсетиў, олардың физикалық жағдайын жақсылаў мақсетинде:
Өзбекстан Миллий олимпиада комитети жанындағы Республикалық спорт медицинасы илимий-әмелий орайы (кейинги орынларда – Орай) жумысын буннан былай да жетилистириў;
спортшылардың оқыў-шынығыўлары ҳәм жарыслар ўақтында физикалық жағдайын медициналық тексериўден өткериўге мөлшерленген мобиль лабораториялардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм оларды зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў;
спорт түрлери бойынша сайланды командаларға медицина хызметкерлерин Орай арқалы бириктириў ҳәм тартыўды жолға қойыў;
Орайдың жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер менен бирге ислесиўди жолға қойыў илажларын көрсин.
- Орайдың жумысын жақсылаў мақсетинде NexION 1 000 (мастер-спектро-метр Perkin Elmer) ҳәм мобиль криокамера медициналық үскенелерди сатып алыў ушын 2022-жылда жумысы тамамланған «Саламат турмыс тәризи» платформасына ажыратылған қәрежетлер шеңберинде 5 миллиард сўм қаратылатуғыны ҳәм 2023-жылда көшпели лаборатор анализлерди өткериў мақсетинде бир дана автобус сатып алыў ушын Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде зәрүр қәрежетлер нәзерде тутылатуғыны;
Орай ушын талап етилетуғын басқа да медициналық әспаб-үскенелерди сатып алыў Орайдың өз қәрежетлери есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов), Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Қорғаныў министрлиги (Б.Қурбонов), Миллий гвардия (Р.Джураев) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Ҳусанов) менен биргеликте Азия ҳәм Параазия ойынларына таярлық көрип атырған спортшылар, тренерлер ҳәм басқа да қәнигелердиң шөлкемлестиретуғын спорт жарыслары, оқыў-шынығыў жыйынлары ўақтында билимлендириў мәкемесиниң оқыў сабақларынан, жумысынан белгиленген тәртипте босатылыўын ҳәм илажларға өз ўақтында қатнасыўын тәмийинленсин.
- Миллий антидопинг агентлиги (Н.Турсунов):
спортшылар тәрепинен антидопинг қағыйдаларына қатаң бойсыныўы үстинен нәтийжели қадағалаўды әмелге асырсын;
спорт федерация(ассоциация)лары менен биргеликте реже-график тийкарында семинар-тренинглер шөлкемлестирип барсын;
Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларын антидопинг темаларына тийисли оқыў-мәлимлеме материаллары ҳәм ҳәр қыйлы көргизбели мағлыўматлар менен тәмийинлесин.
- Сыртқы ислер министрлиги (В.Норов):
Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети Өзбекстан Миллий паралимпиада комитетиниң буйыртпасына муўапық Азия ҳәм Параазия ойынларына таярлық көриў дәўири даўамында сайланды команда ағзалары ушын сырт елге шығыў ҳүжжетлериниң жеделлик пенен рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин;
Өзбекстан спорт делегациясының Пекиндеги «Бейжинг» және Ханчжоудағы «Сяошань» (Қытай) халықаралық аэропортларында иммиграциялық тексериўден өтиўине жәрдемлессин.
- Ишки ислер министрлиги (П.Бобожанов):
Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларының Азия ҳәм Параазия ойынларына қатнасыўы ушын олардың сырт елге шығыў биометрикалық паспортлары жедел түрде рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин;
шығарып салыў ҳәм күтип алыў илажларында қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў, сондай-ақ, Өзбекстан спорт делагациясы транспорт қуралларында шығарып салыныўын шөлкемлестириў бойынша зәрүр шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Транспорт министрлиги (И.Маҳкамов):
Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети және Өзбекстан Миллий паралимпиада талапнамаларына тийкарланып усы жылдың сентябрь-октябрь айларында Ханчжоу қаласына (Қытай) рейслер шөлкемлестириў, сондай-ақ, Өзбекстан спорт делегациясы ушын авиабилетлер бронь етилиўин;
«Ташкент-Ханчжоу-Ташкент» жөнелиси бойынша қосымша чартер рейслери шөлкемлестирилиўин ҳәм әмелге асырылыўын;
Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларына тийисли болған спорт инвентарьлары ҳәм үскенелериниң Ислам Кәримов атындағы «Ташкент» халықаралық аэропорты арқалы бийпул өткерилиўин;
Ислам Кәримов атындағы «Ташкент» халықаралық аэропортының улыўма залында «жасыл коридор» шөлкемлестириў ҳәм бул коридор арқалы Өзбекстан спорт делегациясы ағзаларын шығарып салыў ҳәм күтип алыўды тәмийинлесин.
- Мәмлекетлик бажыхана комитети (А.Мавлонов) Өзбекстан спорт делегациясы ағзалары ҳәм олардың қол жүклерин (спорт аўқатлары ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлери, спорт инвентарьлары, үскенелер, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм препаратлар және басқалар) бажыхана тексериўинен өткериў ҳәм рәсмийлестириў жумыслары жеделлик пенен әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий олимпиада комитети (Ш.Ташматов) ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети (М.Ташходжаев) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) менен биргеликте Өзбекстан спорт делегациясын зәрүр болған медициналық әсбап-үскенелер ҳәм препаратлар менен тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) спортшылардың таярлық процесслери, оқыў-шынығыў жыйынлары және Азия ҳәм Параазия ойынларына тиккелей қатнасыўы ҳаққында қысқа метражлы видеороликлер ҳәм арнаўлы көрсетиўлер таярланыўын ҳәм ғалаба хабар қуралларында турақлы түрде кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийнлесин.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан Миллий олимпиада комитети (Ш.Ташматов), Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети (М.Ташходжаев) спорт федерация(ассоциация)лары және спорт түрлери бойынша Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеплери тәрепинен Азия ҳәм Параазия ойынларына таярлық көриў ушын спорт инвентарьлары, үскенелер, делегацияның рәсмий липаслары, спорт экипировкасы, спорт медициналық үскенелер, медициналық-биологиялық препаратларды сатып алыў, сондай-ақ, оқыў-шынығыў жыйынлары болып өтетуғын спорт базаларын оңлаў ҳәм реконструкциялаў, жатақхана, спорт заллары ҳәм спорт инвентарьларының ижарасы және аўқатланыўды шөлкемлестириўге байланыслы тәртип-қағыйдалар нызамшылықта белгиленген тәртипте мәмлекетлик сатып алыўлардың тийкарғы принциплерине әмел еткен ҳалда әмелге асырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери:
орынларда олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў, методикалық қоллап-қуўатлаў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде спорт федерация (ассоциация)лары аймақлық бөлимлериниң финанслық ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлесин;
район (қала)ларда тийисли спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў және зәрүр шараятлар жаратыў илажларын көрсин;
Азия ҳәм Параазия ойынларына таярлық көрип атырған миллий сайланды команданың спортшылары, тренерлери ҳәм басқа да қәнигелерин материаллық-социаллық қоллап-қуўатласын, олардың турмыслық шараятларын жақсылаў бойынша жуўапкерлерди бириктирсин;
аймақлық сайланды команда спортшылары, тренерлери ҳәм басқа да қәнигелериниң республикалық ҳәм халықаралық спорт илажлары және оқыў-шынығыў жыйынларында үзликсиз қатнасыўын тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Усы қарадың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, спортты раўажландырыў министриниң орынбасары Ш.Ш.Маҳмудов, Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети баслығының орынбасары Ш.Р.Ташматов ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң баслығы М.М.Ташходжаев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Тапшкент қаласы,
2022-жыл 5-май