Усы жылдың 18-апрель күни Жаслардың миллий атқарыўшылық, бақсышылық, опера ҳәм эстрадаға қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Республикалық «Жаслар ҳаўазы» танлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилген еди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында усы таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти

Таңлаўдың республикалық басқышы төрт бағдарда болып өткен еди. Оған республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 10-15, 16-22, 25-30 жас аралығындағы 154 талантлы жаслар қатнасты.

Таңлаў жуўмағында 10-15 жастағылар арасында бақсышылық бойынша Нөкис қаласынан Әширбек Қозибаев, опера бойынша Нөкис қаласынан Бахытбек Қалыбаев, эстрада бойынша Нөкис қаласынан Замира Махсудова, миллий атқарыўшылық бойынша Елликқала районынан Жошқын Розимбетовлар биринши орынды ийеледи.

Ал, 16-22 жастағылар арасында бақсышылық бойынша Қанлыкөл районынан Гүлайым Өтешова, миллий атқарыўшылық бойынша Төрткүл районынан Хушнуд Алимбаев, опера бойынша Нөкис қаласынан Сәрбиназ Қаримбетова, эстрада бойынша Мойнақ районынан Малика Бейимбетовалар биринши орын женимпазлары болды.

23-30 жастағылар арасында бақсышылық бойынша Нөкис қаласынан Азамат Елмуратов, миллий атқарыўшылық бойынша Беруний районынан Руслан Шүкириллаев, опера бойынша Шымбай районынан Мухаммед Мырзабаев, эстрада бойынша Нөкис қаласынан Алимбай Каримбаевлар биринши орын женимпазлары болды.

Жеңимпазлар арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Саёра Айтбаева,

Хатира Турсынғалиева,

ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студентлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги