Айырым социаллық тармақларда Аўғанстанның дәреклерине сүйенип, 2022-жыл 4-майға өтер түнде Өзбекстан-Аўғанстан шегарасында атыспа жүз бергени, соның ақыбетинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара хызметкерлери қайтыс болғаны ҳаққында хабарлар тарқалмақта.

Тарқалған мағлыўматлар улыўма ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынын, шегарада жағдай тыныш екенин, шегараны қорғаў әдеттеги тәртипте алып барылып атырғанын мәлим етемиз.

Аўғанстан ҳүкиметиниң рәсмий ўәкили Забиҳулла Мужоҳид те ҳәр қыйлы интернет басылымларында пайда болған мақалаларды жалған ҳәм тийкарсыз деп атады.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ғалаба хабар қуралларынан журналист этикасына қатаң әмел етиўге, өз дәреклеринде надурыс ҳәм тексерилмеген мағлыўматларды жайластырыўдан сақланыўға шақырады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги