Президент Шавкат Мирзиёев 3-май күни Ишки ислер министрлигиниң Ситуациялық-таллаў орайында болды.

Бул комплекс ишки ислер уйымларының күш ҳәм қуралларын мәлимлеме технологиялары тийкарында басқарыўға қәнигелескен. Заманагөй имарат қурылып, 554 террабайт ядқа ийе 18 сервер, үлкен көлемли  бақлаў экраны, компьютерлер менен үскенеленген.

Орайда «102» системалы, видеобақлаў камералары, интернет ҳәм басқа да дәреклерден келип түсип атырған мағлыўматлар автоматласқан тәризде жыйналады ҳәм қайта исленеди. Қағыйдабузарлық  автотранспорттың мәмлекетлик номери ямаса шахстың көриниси арқалы жедел анықланып, изленеди. Бул система жасалма интеллект жәрдеминде ислейди ҳәм инсан факторы минимал дәрежеде. Булар арқалы орай пүткил елимизде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Президентимиз орайдағы шараятларды көзден өткерди, жумыс системасы менен танысты. Бул жерде барлық ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм оператив хызметлердиң мағлыўматларын интеграциялаў зәрүрлигин атап өтти.

– Бул үлкен жумыс. Бирақ қамтыў ҳәм оперативлиликти арттырыў керек. Адамлар қашан өзин қәўипсиз, еркин сезеди? Қашан турист көбейеди? Жынаятшылық жоқ болса, қәўипсизлигине исенсе, көшеде тәртиптен тазалыққа шекем – ҳәммеси тәмийинленген болса. Бул ушын барлық ҳуқық қорғаў уйымлары мағлаўматларды беккем интеграциялаўы керек. Бул интеграция кирип барған ҳәр бир тармақ хызметкерлериниң  көзқарасынан өзгертиў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәлимлеме технологиялары бойынша жоқары оқыў орынларында бул система ушын кадрлар таярлаў, район ҳәм қалалық ишки ислер бөлимлеринде заманагөй технологиялар менен ислейтуғын аналитиклердиң жумысын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Ишки ислер системасында «инсан факторын бийкарлайтуғын» электрон нәўбет, аралықтан мүрәжат сыяқлы онлайн хызметлерди кеңнен енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Мәҳәллелерде жәмийетлик машқалаларды таллаў, профилактика инспекторларының күнлик жумысын режелестириў ҳәм мониторинг етиў бойынша электрон системаны жолға қойыў тапсырмасы берилди.

Усы жерде Самарқанд ўәлаятында «Қәўипсиз туризм» бағдарламасы шеңберинде жолға қойылған система таныстырылды.

Мәмлекет басшысы ишки ислер системасында қолланылып атырған заманагөй техника ҳәм жаңа хызмет кийиминиң үлгилерин де көзден өткерди.

ӨзА