Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Халыққа социаллық хызметлер көрсетиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, майыплығы болған пуқаралардың жәмийетке социаллық бейимлесиўи ушын кең имканиятлар жаратыў және жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды жайластырыўдың шаңарақлық ҳәм басқа да қолайлы усылларын мәмлекет тәрепинен және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-июльден баслап:
а) шаңарақлық балалар үйлерине Мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратыўдың төмендеги тәртиби енгизиледи:
шаңарақлық балалар үйлериниң сақлаў қәрежетлери ушын Мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратыўда бир тәрбияланыўшыға туўра келетуғын қәрежетлер муғдары және балалар санынан келип шығып, зәрүр қәрежетлер муғдары ҳәм балалар санынан келип шығып, зәрүр қаржылар ата-аналардың атына ашылған банк пластик карталарына өткерип бериледи;
шаңарақлық балалар үйлеринде бир тәрбияланыўшы ушын Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын айлық қәрежетлер қурамына коммуналлық қәрежетлер де киргизиледи;
б) шаңарақлық балалар үйлери тәрепинен пайдаланылған коммуналлық хызметлер ушын төлемлер физикалық тәреплер ушын белгиленген баҳаларда әмелге асырылады;
в) физикалық ямаса психикалық раўажланыўында нуқсаны болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатларда және майыплығы болған балалар кәсип-өнер мектеплеринде ислейтуғын техникалық ҳәм хызмет көрсетиўши хызметкерлердиң базалық тариф ставкаларына 50 процент муғдарда үстемелер төленеди.
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Қаржы министрлиги менен биргеликте:
еки ай мүддетте шаңарақлық балалар үйлерине Мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратыў тәртибин белгилейтуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине белгиленген тәртипте киргизсин;
физикалық ямаса психикалық раўажланыўында нуқсаны болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатлар китапхана фондын хатлаўдан өткерсин, бул мәкемелерди Республикалық мақсетли китап қоры арқалы көркем әдебиятлар менен турақлы тәмийинлеў ушын ҳәр жылы 5 миллиард сум қаратылсын;
физикалық раўажланыўында нуқсаны болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатлар оқыўшылары арасында басқышпа-басқыш барлық пәнлерден пән олимпиадаларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- Төмендегилер:
2021-жылы еситиў қәбилети әззи балалардың әдеттеги турмысқа бейимлесиўин аңсатластырыў ушын халықаралық мәмлекетлик емес шөлкемлер менен биргеликте 4 мың заманагөй еситиў қураллары қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде тәлим алып атырған әззи еситиўши балаларға жеткерип берилиўи нәтийжесинде олардың еситиў қәбилети жақсыланып, улыўма билимлендириў пәнлерин өзлестириў дәрежесиниң артқанлығы;
Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятларында мектепке шекемги жастағы майыплығы болған балаларға тәлим бериў менен биргеликте реабилитация хызметлерин көрсетиў имканиятына ийе болған биреўден «Имкан» көп тармақлы қәнигелескен мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң шөлкемлескенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков), Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) әззи еситиўши балалар ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелерин 2022-жылдың ақырына шекем заманагөй еситиў үскенелери менен толық тәмийинлесин, 2023-жылдан баслап болса, мүтәжликтен келип шығып, заманагөй еситиў үскенелерин турақлы түрде сатып алыў әмелиятын енгизсин.
Министрлер Кабинети 2023-2025-жыллары қалған 10 аймақта реабилитация орайына ийе болған «Имкан» көп тармақлы қәнигелескен мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў ҳәм қамтып алыў илажларын көрсин.
- а) жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар оларға мәмлекет тәрепинен екилемши базардан алып берилген турақ жайларды мүлкке ийелик етиў ҳуқықы тийкарында өзиниң атына рәсмийлестириўде нотариус ҳәм кадастр хызметлери ушын (алды-сатты шәртанамасы ҳәм көшпес мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў) мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилетуғыны;
б) жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған студентлерге мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм санитариялық қураллар сатып алыў ушын қаржы ажыратыў әмелияты мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине де қолланылатуғыны.
Онда, бул мақсетлер ушын қаржылар Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине ажыратылған ресурсларда нәзерде тутылатуғыны ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелериниң сораўына тийкарланып ажыратып барылатуғыны;
в) 2022-жыл 1-июньнен баслап «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларында инклюзив тәлим тийкарында кәсип-өнерге оқытылып атырған майыплығы болған шахсларға майыплық напақасы менен бир ўақытта, Бәнтликке жәрдемлесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында ҳәр айлық стипендия төлеп берилетуғыны белгиленсин.
- 2022-жыл 1-майдан баслап «Сақаўат» үйлеринде жасайтуғын зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке уқыпсыз пуқараларға жеке қәрежетлери ушын ҳәр айда тийисли напақа муғдарының 20 процентин төлеў тәртиби енгизилсин.
- Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги, Қаржы министрлиги, Өзбекстан «Veteran» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплары бирлеспесиниң Аўған урысында қатнасқан майыплығы болған жаўынгер-ветеранларды индивидуал өлшемлер тийкарында таярланатуғын тийисли заманагөй протез-ортопедия үскенелери менен тәмийинлеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков), Өзбекстан «Veteran» жаўынгер-ветеран ҳәм майыплары бирлеспеси еки ай мүддетте Аўған урысында қатнасқан майыплығы болған жаўынгер-ветеранларды протез-ортопедия үскенелери менен тәмийинлеў реже-графигин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы бәнтте нәзерде тутылған илажлар ушын Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң тийкарланған есап-санақларына бола 2022-жылы Мәмлекетлик бюджеттен қосымша қаржы ажыратсын.
- 2023-жыл 1-январьдан баслап I ҳәм II топар майыплығы ушын пенсия тайынланғаннан кейин ислеген пуқаралардың жумыс стажы ҳәм мийнет ҳақысын есапқа алған ҳалда, майыплық пенсиясының муғдарларын ҳәр еки жылда қайта есаплаў тәртиби енгизиледи.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген тәртипти енгизиў бойынша «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбарын Министрлер Кабинетине белгиленген тәртипте киргизсин.
- 2023-жыл 1-январьдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмәәтлик фондлары (кейинги орынларда – аймақлық жәмәәтлик фондлар) есабынан Өзбекстан майыплар жәмийети, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Өзбекстан гереңлер жәмийети және Өзбекстан майыплар ассоциациясының аймақлық бөлимлерине мәмлекетлик субсидияны ажыратыў системасы енгизиледи.
Өзбекстан майыплар жәмийети, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Өзбекстан гереңлер жәмийети ҳәм Өзбекстан майыплар ассоциациясының аймақлық бөлимлери тәрепинен 2023-жыл 1-январьдан баслап тийисли аймақлардағы майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў, социаллық жәрдем көрсетиў, жәмийетте өзиниң орнын табыўда жәрдемлесиў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжеси бойынша ҳәр шеректе тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық, Ташкент қалалық, район (қала)лық Кеңеслерине есабат бериў әмелиятын жолға қойыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмәәтлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясына Қаржы министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен келисилген ҳалда, еки ай мүддетте Өзбекстан майыплар жәмийети, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Өзбекстан гереңлер жәмийети ҳәм Өзбекстан майыплар ассоциациясының аймақлық бөлимлери ушын усыныс штатлар нормаларын және мийнетке ҳақы төлеў муғдарларын тастыйықлаў ҳәм аймақлық жәмәәтлик фондаларына жеткериў усыныс етилсин.
Қаржы министрлиги 2023-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлеринде аймақлық жәмәәтлик фондлар ушын тийисли қаржылардың нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- Қаржы министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң 2022-2023-жыллары мәмлекетлик социаллық мәкемелерди қурыў ҳәм оңлаў және олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын 600 миллиард сум қаратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Бобоев):
Қаржы министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте 2022-2023-жыллары мәмлекетлик социаллық мәкемелердиң қурылыс ҳәм оңлаў және олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша мәнзилли бағдарламаны ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;
қурылыс-оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў жумыслары орнатылған тәртипте 2023-жылға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) мәмлекетлик социаллық мәкемелерди ағымдағы оңлаў ҳәм үскенелеў ушын 2022-жылы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламаларын қаржыландырыў ушын нәзерде тутылған қаржылардың жылдың ақырына шекем үнемлениўи күтилип атырған бөлеги есабынан 150 миллиард сум ажыратсын, 2023-жылы болса қурылыс-оңлаў жумысларын орнатылған тәртипте 2023-жылға шекем мөлшерленген социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде нәзерде тутсын.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы қарарда нәзерде тутылып атырған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын тийкарланған есап-санақларға тийкарланып Мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов, Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң директоры А.К.Инаков, халық билимлендириў министри Б.О.Саидов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысларын муўапықласытырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 29-апрель