Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде 9-май улыўмахалықлық байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин кеңнен белгилеў, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қаза тапқан ата-бабаларымыздың естелигине терең ҳүрмет көрсетип, фашизмге қарсы саўашларда, мийнет фронтында мәртлик көрсеткен ветеранларымызға айрықша итибар ҳәм ҳүрмет көрсетиў, жасларды руўхый-әдеп икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў ҳәм урыс қатнасыўшылары және майыпларды материаллық хошаметлеў мақсетинде:
- Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплардың ҳәр бирине 15 000 000 (он бес миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық белгиленсин.
- Усы Пәрманды орынлаўға байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Қаржы министрлиги, Мәденият министрлиги, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы менен биргеликте Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына усы айқшалай сыйлықтың салтанатлы ҳәм байрам тәризинде тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2022-жыл 29-апрель