Ҳушнубдек Худойбердиев өзиниң телеграм каналында, Өзбекстанда 2019-жыл 4-декабрьдеги Президент пәрманында 2021-жыл 1-январьдан баслап халықаралық тәжрийбеден келип шығып спорт тараўын, әсиресе, футболды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Өзбекстанда букмекерлик жумысын әмелге асырыўға рухсат бериў нәзерде тутылған еди.
Бирақ 2022-жыл 6-апрельдеги Президент пәрманы менен бул бәнт бийкар етилди. Басқаша айтқанда, Өзбекстанда букмекерлик жумысына рухсат берилмейтуғын болды. Бул жақсы қарар, деп атап өткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги