Быйылғы оқыў жылының III шерегинен баслап мектептиң 11-класс оқыўшылары менен қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Г.Бегмуратова басшылығында әмелге асырылған бул дөретиўшилик жойбардың тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпасы:
- оқыўшылардың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў;
- өз бетинше излениўге, топлаған материалларын системаластырыўға үйретиў;
- оқыўшылардың көркем-эстетикалық талғамын кеңейтиў;
- ҳәрбир тилдиң тиллик өзгешелигин терең билиўге, көркем-стиллик талапларын аңлаўға бағдарлаў;
- оқыўшылардың сөзлик қурамын байытыў ҳәм сөйлеў шеберлигин арттырыў
- Шет тилинде жазылған жәҳән әдебиятының сайланды үлгилерин қарақалпақ тилине көркем аўдарыў;
- Жойбарда таңлап алынған белгили жазыўшылардың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар топлаў ҳәм изертлеў алып барыўдан ибарат.
Оқыў жылы жуўмақланыў алдында оқыўшылар белгили дәрежеде өзлерине тийисли ўазыйпаларды орынлады ҳәм қарақалпақ китапқумарларына дөретиўшилик жумысларын усынады.
Ҳәзирги күнлери мектеплерде оқыў бағдарламасы бойынша 9-классларда «Иркилис белгилери» деген тема өтилмекте. Иркилис белгилери сөзлерди дурыс айтыўымызда, түсиниўимизде айрықша әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, иркилис белгилери арқалы биз ҳәр қыйлы сезимлеримизди билдире аламыз. Әлбетте, сезимсиз адам жоқ…
“– Сезимлерди қағазда бериў шәрт пе? Қағазда да сезимлерди билдирип бола ма?!”– деп ойлайды 40 жыл даўамында хаткерлик етип киятырған Перекладин. Ол 40 жыл хаткерлик жумыста ислеп, сонша мыңлаған қағаз жазған болса да, үндеў белгисин қолланған-қолланбағанын еслей алмайды.
“– Ырастан да умыттым ба не? Умыттым… ямаса… мен оларды ҳешқашан қоймағанман…»
«Ҳайранман! Бул қалай?! Қырық жыл жазыў жазып… ҳешқашан үндеў белгисин қоймаппан… Ҳм!… Сонда бул нәлетий собылық қашан қойылатуғын еди…?”