Усы жыл 22-29-апрель күнлери республикамызда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң шөлкемлестириўинде 28-апрель – Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күнине бағышланған «Мийнетти қорғаўдың унамлы мәдениятын биргеликте сәўлелендиремиз» атамасында мийнетти қорғаў ҳәптелиги өткерилмекте.
Усы жыл 28-апрель күни ҳәптелик шеңберинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң мәжилислер залында дөгерек сәўбети ҳәм мийнетти қорғаў, оның қәўипсизлиги бойынша жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша өткерилген республикалық таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажға Өзбекстан Республикасы Транспорт, жол қурылысы, қурылыс индустриясы хызметкерлери бирлескен кәсиплик аўқамлары баслығының орынбасары Б.Султанов, Өзбекстан кәсиплик аўкамлары Федерацияси Қарақалпақстан Кеңесиниң хызметкерлери, тараўлық жуўапкер шөлкемлестириўшилер, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги кәсиплик аўқам комитетлериниң басшылары, мийнетти қорғаў хызмети қәнигелери қатнасты.
Дөгерек сәубетин Өзбекстан кәсиплик аўкамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Дәнияров алып барды.
Илаж кәрханаларда жумысшылар тәрепинен қолланылатуғын жеке ҳәм жәмәәтлик қорғаныў қураллары, арнаўлы кийим-кеншек ҳәм өлшеў әсбап-үскенелери көргизбесин тамашалаў менен басланды.
Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәмлекетлик техник инспекторы Б.Нурымбетов, Нөкис қаласы 5-санлы шыпакерлик социаллық экспертиза комиссиясының эксперти Б.Уразметов, «Ўзагросуғурта» АЖ Қарақалпақстан Республикасы филиалы басқарыўшысының орынбасары А.Сабуров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мийнетти қорғаў ҳаққында, қәўипли ҳәм зыянлы өндирис элементлери, олардың инсан саламатлығына тәсири ҳәм усы қәўипли элементлерди өлшеў бойынша заманагөй усыллар, жумыс орынларының шараятын, тәртибин, жумыс қуралларының ҳәм әсбап-үскенелериниң бахытсыз ҳәдийселерди келтирип шығарыў себеби, оның алдын алдын алыўға қаратылған илажлар туўралы мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, мийнетти қорғаў тараўында хызметкерлерге қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў, өндирис пенен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, мийнет етиў пайытында майып болған яки кәсиплик кеселликке шатылған инсанлардың мийнет етиў қәбилети дәрежесин белгилеў тәртиби, жумыс бериўшиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий түрде қамсызландырыў шәртнамаларан дүзиў ҳәм хызметкерлердиң бахытсыз ҳәдийсе ақыбетинде жәбирленгенлиги ушын оларға төлениўи тийис болған зыян төлемлери ҳаққында айтып өтилди.
Дөгерек сәўбетиниң мақсети, Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, Өзбекстан саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы арасында 2020-2022-жыллар ушын тастыйықланған Аймақлық келисим тийкарында, социаллық шериклик пенен өз-ара бирге ислесиўдиң форма ҳәм усылларын жеделлестириў, хызметкерлерге саламат ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў, өндиристеги бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, тараўдағы жумысларды күшейтиўде жумыс бериўшилер ҳәм кәсиплик аўқамлары арасында бирге ислесиўлерди раўажландырыў болып есапланады.
Ушырасыўда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги