Қарақалпақстан радиосына–90 жыл
Урыс басланыўдан-ақ, республикамыз халық хожалығыныӊ барлық тараўларында жас өспиримлер өз аталары менен ағаларыныӊ орнын басты. Еӊ қыйын хызметлерди атқарып, тыл аўырманлығы олардыӊ мойынларына жүкленди. Сонлықтанда областьлық комсомол комитети 1942-жылдыӊ 31-июлинен баслап радио арнаўлы жаслар ушын еситтириўди шөлкемлестириўди мақул тапты. Еситтириў ҳәптесине 2 рет—дүйшемби ҳәм жума күнлери эфирге берилетуғын болды. Ол республикамыздыӊ барлық радиоузеллери арқалы трансцляция етилди. Жаслар ушын еситтириў бағдарламасында урыста ерлик көрсеткен жаўынгерлер, тылдағы жарыс алдынғылары ҳаққында сөз етилди. Еситтириўди музыкалық ҳәм көркемлик жақтан тәмийинлеў ушын мәмлекетлик театрдыӊ жас артист ҳәм артисткаларын, районлардан ҳәўескерлер дөгереклериниӊ талантлы ағзаларын тартыў нәзерде тутылды. Жаслар ушын еситтириўлердиӊ тематикасы түрлише еди. Көбинше жас жаўынгерлердиӊ урыста ислеген ерликлери ҳаққында сөз етилди. 1943-жылдыӊ 16-октябринде эфирге берилген жаслар ушын еситириўде Мойнақ балық заводыныӊ комсомол шөлкеминиӊ бурынғы секретары Бахыт Байменовтыӊ фронттағы ерлик ислери туўралы сөз етеди.
Сондай-ақ, 1943-жылдыӊ 10-октябринде берилген «Табыслы сапар» деген ҳүжжетли гүрриӊ жаўынгер Қошқар Турдиевтиӊ ерлигине бағышланды.
1944-жылдыӊ мартында эфирге берилген Советлер Аўқамыныӊ Қаҳарманы, қарақалпақ жигити Оразбай Жуманиязов ҳаққындағы очерк те өз ўақтында тыӊлаўшылардыӊ дыққатын өзине тартқаны сөзсиз.
Тылдағы жаслардыӊ мийнет ҳәўижи туўралы да қызықлы гүрриӊлер берилип барылды. Тахтакөпир районындағы Ленин атындағы мектеп оқыўшылары 50 тонна пахта терип тапсырғаны, 5 класс оқыўшысы Алланиязова ҳәр күни 160 килограмм пахта терип, нормасын 2-2,5 есе орынлап жүргени, район орайында жасаўшы қызлардыӊ басламалары менен комсомол жаслардыӊ ҳәм пулемётчиклер бөлимшесиниӊ дүзилгени ҳаққында радионыӊ жаслар ушын еситтириўлеринде кеӊ түрде берилип барылды.
Қарақалпақстан телевидение ҳәм радио еситтириў бойынша Мәмлекетлик Комитетиниӊ архивинде сақлаўлы турған урыс жылларындағы сарғайған, шетлери түтилип тозған, қағаздыӊ жетиспеўшилигинен көпшилиги бурын пайдаланған қағазлардыӊ артына жазылған микрофон материалларын қарап көргенимизде сол қәҳәрли жылларда қыйыншылықларды жеӊип мийнет еткен радио ветеранлар еске түседи. Радио журналистлеринен Қ.Аралбаев, Ж.Сейтназаров, Ж. Қосжетеров, Г. Гненный, Л.Б. Фрейман, В. Стрельцов, Л. Занятова, О. Романовлар командировкада көбинесе пияда жүрип материаллар шөлкемлестиреди. Өйткени ол жылларда радио комитетте автотранспорт болмаған. Ҳәтте, қағаз, сыя, ручкаларда там-тарыс болады. Бузық лентасы тозғанлықтан ҳәриплер шала түскен микрофон материалларын көрип, сол жыллардағы дикторлардыӊ бул хабарларды алжаспай оқығанына ҳайран қаласаӊ. Урыс дәўиринде дикторларға жылытылмаған жайларда, тоӊып-қалтырап отырып эфирге шығыўға туўра келди. «Ҳәтте, бир сапары электр жарығы болмай, соӊғы хабарларды шыраныӊ жақтысында оқыдым»-деп еске түсиреди. Қарақалпақстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери, радио ветераны, бурынғы диктор М.Кожурова.
«Қарақалпақстан радиосыныӊ көплеген дөретиўшилик ҳәм техникалық хызметкерлери урыстыӊ биринши күнлеринен баслап-ақ фронтқа кетти. Олардыӊ көпшилиги қайтып келмеди. Редакцияда қалған аз санлы дөретиўшилик хызметкерлер өзлери ҳәм фронтқа кеткен жолдаслары ушын да аянбай жумыс иследи. Олар айырым жағдайларда редакцияда түнеп қалыўға туўра келди. Ўатан ушын үлкен қәўип дөнген күнлери диктор Ю.Левитанныӊ радио арқалы партия шақырығын жағымлы даўыс пенен, тәсирли интонация менен оқыўы адамларға күш-қуўат болды. 1941-1945-жыллары Информбюроныӊ еки мыӊнан аслам радиохабаршылары, 2,3 мыӊ рет «Соӊғы хабарлар», 8 мыӊнан аслам «Фронтқа хатлар» ҳәм «Фронттан хатлар»ы эфирге шығарылды.
Тыӊлаўшыларды бәлент патриотизм руўхында тәрбиялаўдыӊ, фронтқа тыл жәрдемин барынша күшейтиўдиӊ тәсирли қуралы болған Қарақалпақстан радиосыныӊ халқымыздыӊ фашизм үстинен жеӊиске ерисиўине үлкен үлес қосқанлығын халқымыз ҳеш қашан умытпайды.
Баспасөз материаллары тийкарында ықшамлап таярлаған:
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.