Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басламасы менен республикамызда болып өткен суд-ҳуқық мәселелери бойынша көшпели қабыллаўлар шеңберинде халыққа мәмлекетлик хызметлер де көрсетилди.

Атап айтқанда, «Истиқлол» дем алыў орайында өткерилген қабыллаўда  Нөкис қаласы мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен халыққа 62 түрдеги хызмет көрсетилди. Усы күни 60 тан зыят пуқара тәрепинен тийкарынан коммуналлық тармақларға жалғаныў, балалар бақшасына гезекке қойыў, кадастр паспортын рәсмийлестириў ҳәм басқа да хызметлерге талап күшли болды. Олардың көпшилигиниң мүтәжи питкерилип,  айырымлары бойынша қәнигелер тәрепинен мәсләҳәт берилди.

Мәселен, пуқара Сурайё Эгамбердиева атында турақ жай жоқлығы ҳаққында мағлыўмат сорап мүрәжат етти. Оған қәнигелер тәрепинен тийисли мағлыўмат таярлап берилди.

Нәтийжеде бул жерге келген пуқаралардың күнделикли турмысындағы машқалалары бойынша мүрәжаты, ҳәм мәмлекетлик хызмет бойынша мәселелери өз шешимин тапты. Бул пуқараларымыз ушын айтарлықтай қолайлық жаратты.

Г.ХАЛМУРАТОВА,

Нөкис қаласы мәмлекетлик хызметлер орайының қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги