Өткен жылы октябрь айында Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Олий Мажлис жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған «Саламатлық мектеби» волонтёрлық жумысына үйретиў мәмлекетлик социаллық буйыртпаны жеңип алған еди.
Усы мәмлекетлик социаллық буйыртпа тийкарында Хожели районындағы 26 мәҳәллениң ҳәр биринен алтаўдан, жәми 156 волонтёр оқытылып таярланды. Олар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бойынша жеке ҳәм жәмәәтлик гигиена, дурыс аўқатланыў, зыянлы әдетлерге қарсы гүресиў, халықтың медициналық мәдениятын арттырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, дене шынығыўларын күнделикли турмыс тәризине айландырыў бағдарларында халық арасында әмелге асыратуғын жумыслары бойынша семинар тренинглер өткерилген еди. Ҳәзирги ўақытта усы волонтёрлар халық арасында үгит-нәсият жумысларын баслап жиберди.
Хожели районы көп тармақлы емлеўхана шыпакерлери, тренер мийирбийкелери, райондағы «Наўрыз», «Тутзар» ҳәм «Нурлы жол» МПЖдағы патронаж мийирбийкелер ҳәм «Саламатлық мектеби» волонтёрлары биргеликте «Наўрыз» МПЖда «Саламат аўқатланыў ярмаркасы» атамасындағы гезектеги илажын шөлкемлестирди.
Ол жерде аўыл турғынлары менен бирге азанғы денетәрбия шынығыўлары өткерилди. Сәўбетлесиўлер алып барылып, мүрәжатлары тыңланды. Денсаўлықларына байланыслы мәселелер бойынша мәсләҳәтлер берилди. Дастурхан жайылып, оған ҳәр қыйлы тағамлар қойылып, дурыс аўқатланыў дегенде нени түсинемиз, азанда, түсте ҳәм кеште қандай тағамларды, қанша муғдарда жеўимиз керек, деген сыяқлы сораўлар бойынша түсиниклер берилди.
– Мәмлекетлик социаллық жойбар шеңберинде орынларда «Саламатлық майданшасы» акциясы, «Саламат аўқатланыў» ярмаркасы ҳәм «Саламатлық мектеби» илажлары шөлкемлестирилмекте,-дейди Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Г.Жоллыбекова. – «Саламатлық мектеби» ушын Хожели районы көп тармақлы емлеўханасына қараслы 3-санлы шанарақлық поликлиникасынан бөлмелер ажыратылып, оқыў бөлмеси, физикалық шынығыўлар бөлмеси, асхана ҳәм тренерлер ушын бөлмелер проект тийкарында барлық инвентарьлар менен тәмийинленди.
Жойбардың мақсети – бириншиден, районда саламатлық мектеби ушын волонтёрлар таярлайтуғын оқыў орнын шөлкемлестириў болып есапланады. Олар төрт бағдарда оқытылады. Екиншиден 26 мәҳәлледен таңлап алынған 156 волонтёр напақадағы шыпакерлер, муғаллимлер, зыялылар ҳәм басқалардың саламат турмыс тәризи бойынша медициналық социаллық саўатын арттырыў ҳәм саламат турмыс тәризи бойынша көнликпелерин қәлиплестириў, үшиншиден, «Саламатлық майданшасы», «Саламат аўқатланыў ярмаркасы» ҳәм «Саламатлық сабақлары» илажлары бойынша волонтёрлық жумысын мәҳәллелерде шөлкемлестириўге таярлаў болып есапланады.
Жәмийетлик басламада әмелге асырылып атырған бул жумыслар мәмлекетимиз тәрепинен халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға қосент болып, бул бағдардағы илажлардың нәтийжели болыўына үлесин қосады, деген нийеттемиз.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги