Өзбекстан Республикасының Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ)не басшылығы шеңберинде Ташкент қаласында инновациялық раўажланыў министри Ибраҳим Абдураҳмановтың басшылығында ШБШға ағза мәмлекетлердиң илимий-техникалық бирге ислесиўине жуўапкер министрликлери ҳәм уйымлары басшыларының алтыншы мәжилиси болып өтти.
Илаж шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған 3 әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды. Соның ишинде, «ШБШға ағза мәмлекетлер арасында әҳмийетли бағдарлардағы илимий-техникалық бирге ислесиўдиң 2022-2025-жылларға мөлшерленген ҳәрекетлер режеси», «ШБШ шеңберинде биргеликте көп тәреплеме илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыў механизмлери», «ШБШға ағза мәмлекетлердиң жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша бирге ислесиў бағдарламасы» мақулланды.
Атап өтилиўинше, бул ҳүжжетлер шөлкемге ағза мәмлекетлердиң миллий нызамшылығына муўапық толық келисилгеннен соң ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары Кеңесиниң усы жылдың 15-16-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында өткерилетуғын мәжилисине тастыйықлаў ушын киргизиледи.
Бул ҳүжжетлерге бола, санлы медицина ҳәм биотехнологиялар тийкарында илимий-изертлеў нәтийжелери ҳәм технологиялар трансфери жолға қойылады. Келешек энергия дәреклерин изертлеў, тутыныў талабын үйрениў тийкарында жаңа өнимлердиң каталогларын алмасыў, заманагөй аўыл хожалығы тараўында жаңа технологияларды трансферлеў, өнимлерди жеткерип бериў системасын диверсификациялаў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, геном редакторланыўы, гибрид туқымшылық, биотехнологиялық сортлар жаратыў бағдарларында бирге ислесиў, илимий-техникалық жумыс бағдарында шөлкемге ағза мәмлекетлердиң жаңа технологиялар бойынша потенциалын арттырыў және илимий-техникалық сиясат ҳәм инновациялық басқарыў тараўында бирликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў, академиялық ҳәм илимий алмасыўларды жолға қойыў бойынша илажлар әмелге асырылады.
Мәжилисте қатнасыўшылар тәрепинен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қанша басламалар алға қойылды. Атап айтқанда, инновациялық раўажланыў министри Ибраҳим Абдураҳманов Арал бойы аймағына ресурсты үнемлейтуғын заманагөй инновациялық технологияларды енгизиўге ШБШға ағза мәмлекетлердиң әмелдеги илимий-технологиялық потенциалын кеңнен тартыў, «ШБШға ағза мәмлекетлер флорасы» санлы платформасын жаратыў; «Жасыл энергетика» қоспа илимий бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң инновациялық технологияларының санлы ярмаркасын өткериў сыяқлы усынысларды билдирди.
Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзАның хабаршысы