Президент Шавкат Мирзиёев 27-апрель күни аўыл хожалығында жойбарларды әмелге асырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын жақсылаў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Аўыл хожалығы – халқымыздың ырысқы-несийбеси, жумыс орынлары ҳәм дәрамат дәреги. Соңғы бес жылда бул тараўға 2 миллиард 500 миллион доллар сырт ел кредитлери тартылған. Ҳәзирге шекем соннан  1 миллиард  700 миллион доллар өзлестирилип,  4 мыңға шамалас жойбар әмелге асырылған. Соның ишинде, заманагөй ыссыханалар, интенсив бағлар, нәл жетистириў хожалықлары ҳәм музлатқышлы қоймаханалар шөлкемлестирилген.

Мәжилисте халықаралық қаржы институтларынан тартылған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў, жойбарларды жеделлестириў илажлары додаланды.

Бүгинги күнде улыўма нырқы 400 миллион долларлық  580 жаңа жойбар қәлиплестирилген. Бирақ кредитлер мүддетиниң қысқалығы ямаса қәнигелердиң жетиспеўи себепли оларды әмелге асырыў кешикпекте.

Сонлықтан Аўыл хожалығы министрлигине жойбарларды өзи иске түсирип, лизинг тийкарында сатыў ўәкиллиги жүкленди.

Атап айтқанда, быйыл 6 ўәлаятта дерлик 2 мың гектар интенсив бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылыўы, жәми 115 мың тонналық 17 киши агрологистика орайы иске түсирилиўи режелестирилген. Олар исбилерменлерге таяр ҳалда лизинг тийкарында сатылады.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда хызметлерди раўажландырыў, егинлердиң есабын ҳәм суўды жумсаўды онлайн мониторинг етиў бойынша көрсетпелер берди.

Быйыл  Әндижан, Наманган, Ферғана, Жиззақ, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларында агрохызметлер орайлары дүзилип, 100 ден аслам хызметлер жолға қойылатуғыны атап өтилди. Бул орайларда заманагөй лабораториялар болады, сырт ел қәнигелери тартылады. Жойбарлар бойынша қаржыларды басқарыў, жерлер ҳәм егинлердиң есабы, суўғарыў жумыслары ҳәм зүрәәтлилик электрон тәризде бақлап барылады.

Аўыл хожалығы министрлигине ҳәр бир ўәлаят кесиминде өз алдына «жол карталары»н ислеп шығып, олардың орынланыўын орнында шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте аграр тараўда билимлендириўдиң сапасын жақсылаў мәселесине де тоқтап өтилди.

2022-2023-оқыў жылынан Халықаралық аўыл хожалығы университети жумыс баслаўы режелестирилген. Президентимиз бул жерге сырт елли оқытыўшыларды тартыў, жергиликли муғаллимлердиң қәнигелигин арттырыў зәрүрлигин атап өтти.

Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик аграр университетине 17 миллион доллар кредит ҳәм грант тартылған. Соның есабынан университет лабораториясы 129 түрдеги заманагөй әсбап-үскене менен тәмийинленеди, бағшылық, овощ, шарўашылық, механизация, азық-аўқат санааты сыяқлы 20 бағдар бойынша жаңа тәжирийбе участкалары шөлкемлестириледи, сырт ел қәнигелери тартылады.

Мәмлекетимиз басшысы тараў ушын орта буўын қәнигелерин таярлаў да зәрүр екенин атап өтти. Бул ушын жоқары билимлендириў менен колледж техникумлардың өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў керек. Сонлықтан жуўапкер министрликлерге орта арнаўлы оқыў бағдарламалары, сабақлықлар ҳәм әмелият системасын тараў кәрханалары талаплары тийкарында қайта көрип шығыў тапсырылды.

ӨзА