Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Бағшылық тармағы ҳәм ыссыхана хожалықларында жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди материаллық ресурслар (хызметлер) менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм жетистирилген өнимлерди кепилликли сатып алыў системасын жаратыў мақсетинде:
- Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң (кейинги орынларда – Бағшылық агентлиги) мийўе-овощ тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылыўы нәзерде тутылған қаржылар есабынан Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорына 12 ай мүддетке, соның ишинде, 11 айлық жеңиллетилген дәўир менен 300 миллиард сум бюджет ссудасын жыллық 10 процент ставкада ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Қаржы министрлигине қайтарылған қаржылар есабынан жыл даўамында Бағшылық агентлигиниң буйыртпасы тийкарында қосымша бюджет ссудасының ажыратып барылыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленсин. Онда, ажыратылған бюджет ссудасы бойынша қарыздарлықтың жәми суммасы 300 миллиард сумнан артып кетпейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Бағшылық агентлиги бюджет ссудасы есабынан:
аўыл хожалығы кәрханаларына – мийўе, жүзим, овощ, картошка, палыз егинлери, гүл, көк шөплер ҳәм дәри-дәрмақлық өсимликлер, мәкке дәни, собықлы ҳәм майлы егинлерди (кейинги орынларда – аўыл хожалығы егинлери) жетистириў ушын зәрүр болған материаллық-техникалық ресурслар, соның ишинде, туқым ҳәм нәл жеткерип бериў, сондай-ақ, аўыл хожалығы хызметлерин көрсетиў ушын;
қайта ислеўши, сақлаўшы ҳәм экспорт етиўшилерге, соның ишинде, «Агросервис оператор» мәмлекетлик унитар кәрханасына – жетистирилген аўыл хожалығы егинлерин сатып алыў бойынша талап етилетуғын айланыс қаржыларын толтырыў ушын жыллық 14 процент ставкада қарыз қаржылары ажыратылатуғыны белгиленсин.
- Аўыл хожалығы кәрханаларына аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын зәрүр болған материаллық-техникалық ресурслар, соның ишинде, туқым ҳәм нәллерди жеткерип бериў ҳәм аўыл хожалығы хызметлерин көрсетиў ўазыйпасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы «Агросервис оператор» мәмлекетлик унитар кәрханасына жүкленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
«Агросервис оператор» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын зәрүр болған материаллық-техникалық ресурслар, соның ишинде, туқым ҳәм нәл жеткерип бериў, сондай-ақ, аўыл хожалығы хызметлерин көрсетиў қарыз шәртнамасы тийкарында аўыл хожалығы кәрханаларына аўыл хожалығы егинлериниң вегетация дәўиринен зыят болмаған мүддетке жыллық 14 процент ставкада әмелге асырылады;
усы қарар шеңберинде материаллық-техникалық ресурслар, соның ишинде, туқым ҳәм нәллер ҳәм аўыл хожалығы хызметлери «Агросервис оператор» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен биржа саўдаларынан сатып алыў ҳәм (ямаса) жеткерип бериўшилердиң ең жақсы усынысларын таңлаў усылы арқалы жеткерип бериледи ҳәм көрсетиледи;
аўыл хожалығы өнимин жетистириўши, қайта ислеўши, сақлаўшы ҳәм экспорт етиўшилерге («Агросервис оператор» мәмлекетлик унитар кәрханасы буған кирмейди) қарыз қаржылары олардың қайтпаў қәўпин қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси усынылғаннан кейин ажыратылады.
- Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ҳәм оларды сатып алыў жумысларын муўапықластырыў бойынша комиссия 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Төмендегилер комиссияның (Ж.А.Ходжаев) ўазыйпалары етип белгиленсин:
аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын зәрүр болған материаллық-техникалық ресурслар, соның ишинде, туқым ҳәм нәл жеткерип бериў ҳәм аўыл хожалығы хызметлерин көрсетиў ушын қарыз қаржылары ажыратылатуғын бағдарлар ҳәм жойбарларды белгилеў;
«Агросервис оператор» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер)дың жеткерип бериўшилерин таңлаў;
«Агросервис оператор» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен қарыз қаржыларынан нәтийжели ҳәм мәнзилли пайдаланыўы үстинен системалы мониторинг жумысларын шөлкемлестириў;
аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын зәрүр болған материаллық-техникалық ресурслар, соның ишинде, туқым ҳәм нәл жеткерип бериў, сондай-ақ, аўыл хожалығы хызметлерин көрсетиўге мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртнамалары тийкарында исбилерменлик субъектлерин тартыў;
аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ҳәм оларды сатып алыў процесинде жүзеге келетуғын машқалаларды сапластырыў бойынша Ҳүкиметке усыныслар киргизип барыў.
- Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.А.Хаитов) ҳәм Бағшылық агентлиги (Х.М.Каримов):
а) Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте усы қарар шеңберинде нәзерде тутылған қарыз қаржыларын ажыратыў бойынша үлги шәртнама түрлерин ислеп шықсын;
б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаят, район (қала) ҳәкимлери менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте:
өнимдарлы туқым ҳәм нәл сортларын, төгин ҳәм өсимликлерди қорғаў затларын орынларға жеткерип, атыз ярмаркаларын өткериў ҳәм егинлерди жер майданларында «бир контур – бир өним» принципи тийкарында жайластырыўды шөлкемлестириў;
аўыл хожалығы өнимлерин кепилликли сатып алыў бойынша шәртнамалар дүзиў жумысларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте 2022-жыл 1-декабрьге шекем 2022-жыл тәжирийбеси нәтийжелеринен келип шығып, усы әмелиятты буннан былай да жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.А.Хаитов), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) менен биргеликте ҳәр бир аймақта усы қарардың мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша презентациялар ҳәм семинарлар өткерсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кўчимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев) Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.А.Хаитов) менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мазмун-мәнисин сәўлелендириў бойынша дүркин телекөрсетиўлердиң көрсетилиўин турақлы шөлкемлестирсин.
- Есап палатасы (Б.Т.Турабов) Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик финанслық қадағалаў инспекциясы менен биргеликте усы қарарда нәзерде тутылған қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўы ҳәм мақсетли жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-декабрьдеги «Мийўе-овощ тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, қыйтақ жерде кластер ҳәм кооперация системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-52-санлы қарарына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги директоры Х.М.Каримов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ш.М.Ғаниевке ҳәм Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 27-апрель