Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2021-2022-оқыў жылы ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик стипендиясы ҳәм Белгили мәмлекетлик стипендиялар таңлаўының жеңимпазлары болған Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы жеңимпазы – Экономика факультети Финанс ҳәм финанслық технологиялар тәлим бағдары 4-курс студенти М.Жеңисбаев, Беруний мәмлекетлик стипендияси жеңимпазы – Химия факультети, Химия технология тәлим бағдары 4-курс студенти Б.Жугинисов ҳәм Наўайы мәмлекетлик стипендияси жеңимпазы – Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти А.Дабылов 2022-жыл 26-апрель күни Нѳкис қаласы ҳалық билимлендириў бѳлимине қараслы 31-санлы шет тиллерин оқытыўға қәнигелестирилген мектептиң 10-11-класс оқыўшылары менен “Уллы келешекке қәдем!” сүрени астында  ушырасыў ѳткерилди.

Ушырасыўда стипендиантлар мектеп оқыўшылары менен ѳзлериниң бул дәрежеге жетисиўинде илимге, билимге талпынғанлығы, жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Ушырасыў даўамында мектеп оқыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўап алды.

“Уллы келешекке қәдем!” сүрени астындағы ушырасыўлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги