Сондай-ақ:
– аўыл хожалығында қаржыларды басқарыў ҳәм мониторинг етиў мәлимлеме хызметин иске түсириў;
– жерлер ҳәм егинлердиң есабы және мониторингин жүргизиўди санластырыў;
– 1-августқа шекем 7 түрдеги, 2023-жылы барлық түрдеги субсидия төлеўди электрон системаға өткериў;
-суў балансы ҳәм жумсалыўының есабын жүргизиў және жерлерди дурыс суўғарыў жумысларын аралықтан мониторинг етиў мәлимлеме системасын 1-декабрьге шекем Ферғана ҳәм Самарқандта, 2023-жылдан барлық аймақларда енгизиўге тапсырма берилди.
Президент жаңа Халықаралық аўыл хожалығы университети 2022-2023-оқыў жылынан өз жумысын баслаўы кереклигин атап өтти.
Биринши оқыў жылында университетте 7 қәнигелик бойынша 200 студент оқыталады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги