Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында Президентимиз тәрепинен алға қойылған әҳмийетли бес басламаның төртиншиси, яғный жаслардың мәнаўиятын жоқарылатыў, студент-жаслар арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, жақында болып өткен «Китапқумарлық ҳәптелиги» шеңберинде жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими, баспасөз хызмети менен биргеликте илажлар қабыл етилди, – дейди филиал Мәлимилеме-ресурс орайының баслығы Карима Төрешова. –Усы илажлар тийкарында жазыўшы-шайырлар менен ушырасыўлар, студент-жаслар арасында оқыған әдебий шығармалары тийкарында таңлаўлар өткерилди.

Солардың бири, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Раўаж Отарбаев пенен болған ушырасыў қызықлы өтти.  Ушырасыўда мийман өткерилип атырған китапқумарлық ҳәптелигиниң әҳмийетине тоқтап, өзиниң соңғы жазған қосықларынан оқып берди.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Жулдыз ҚЫДЫРБАЕВА,

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги