Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 31-марттағы «Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынлыныўын тәмийинлеў бойынша республикамызда кең көлемли илажлар өткерилмекте.
Атап айтқанда, социаллық жәрдемге мүтәж адамларға жәрдем ҳәм сақаўат көрсетиўге қаратылған саўаплы ислерге айрықша итибар қаратылмақта. Байрам мүнәсибети менен «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қоңырат районлық бөлимшеси тәрепинен район аймағындағы усындай бир қатар шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алынды. Оларға фонд тәрепинен азық-аўқат өнимлери тапсырылды.
Әлбетте, бундай илажлар шаңарақлар және мәҳәллелерде мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги