Кейинги бес жылда тараўға 2,5 миллиард доллар сырт ел ресурслары тартылды. Соннан 1,7 миллиард доллар өзлестирилип, 4 мыңға шамалас жойбар әмелге асырылды.
Соның есабынан 2,5 гектар заманагөй ыссыханалар, 11 мың гектар интенсив бағлар, 6 нәл жетисириў хожалығы ҳәм 350 мың тонналық музлатқышлы қоймаханалар шөлкемлестирилди.
Бүгинги күнде, тараўда 810 миллион доллар өзлестирилетуғын қаржы бар.
Мәмлекетимиз басшысы усы қаржылардың есабынан ислениўи зәрүр болған жумысларды белгилеп берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги