«Билимлендириў мәкемелеринде жол ҳәрекети қағыйдаларының үгит-нәсиятланыўын күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (212-санлы, 26.04.2022-ж) қабыл етилди.
Қарар менен Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң аймақлық басқармаларында мектеп пенен биргеликте хызмет ететуғын үлкен инспектор лаўазымы енгизилди (улыўмалық штатлар шеңберинде).
Қарарға бола, мектеплерде кеўилли жаслар қатнасыўында жол ҳәрекети қағыйдаларын белсене үгит-нәсиятлаўшы «Жол ҳәрекети қағыйдаларының жас үгит-нәсиятлаўшысы» клубы және «Жасыл шырақ» жарысы шөлкемлестириледи.
2022-жыл 1-сентябрьден «Жол ҳәрекети қағыйдасы балалықтан басланады» сүрени астында бақша тәрбияланыўшылары ҳәм оқыўшыларға жолларда, кесилиспелерде ҳәм пиядалар өтиў орынларында ҳәрекетлениў тийкарларын әмелий-көргизбели үйретиў жолға қойылады.
Қарар менен «Жол ҳәрекети қағыйдаларының жас үгит-нәсиятлаўшысы» клубын шөлкемлестириў ҳәм «Жасыл шырақ» жарысын өткериў тәртиплери тастыйықланды.
Клубқа 9-11-класс оқыўшылары ағза болыўы мүмкин.
«Жасыл шырақ» жарысының жеңимпазлары диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги