Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-апрель күни туризм хызметлери көлемин кеңейтиў ҳәм инфраструктурасын раўажландырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Жер жүзинде пандемия ўақтында орнатылған шеклеўлер әсте-ақырын азайып атырғаны себепли туризм индустриясы тикленип атыр. Усы жылдың биринши шерегинде елимизге сырт елден 610 мың ямаса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2 еседен аслам туристлер келген. Кейинги айларда және де көп туристлер келиўи күтилмекте.

Мәжилисте туризм инфраструктурасының оған таярлық дәрежеси талланып, кемшиликлер көрсетип өтилди.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан, Әндижан ҳәм Қашқадәрьяда мийманхана орынлары жетиспейди. Наўайы, Жиззақ, Сурхандәрья, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында үлкен имканиятлардан пайдаланылмай атыр. Жасларға сай туристлик хызметлер жүдә аз. «Шаңарақлық» ҳәм «барлығы ишинде» хызметлерин енгизиў жумыслары төмен.

Аймақлардағы 206 термал ҳәм минерал суўлы булақлардың тек ғана 18 инен пайдаланылмақта. Мысал ушын, Қамчиқ таў алды өтиў жолында жайласқан Арашан көллери суўының температурасы қысы-жазы 36 градус ыссылықта болып, сырт ел курортларынан қалыспайды. Ямаса, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпирде жер астынан 40-70 градус ыссылықта шығатуғын термал булақлар әтирапында санатория-курортлар шөлкемлестириў мүмкин.

Туристлерди тартыўда елимиздеги 122 музей потенциалынан да пайдаланылмай атыр. Оларда 2 миллион 500 мыңнан аслам экспонатлар  болып, соннан 112 мыңы жәҳән тарийхы ҳәм мәденияты ушын да бийбаҳа болып есапланады.

Мәжилисте усындай имканиятларды иске қосып, туризм тараўында пандемияға шекемги көрсеткишлерди тиклеў, хызметлер көлемин кеңейтиў илажлары додаланды.

Бәринен бурын, ҳәр бир ўәлаятта туристлерди өзине магниттей тартатуғын ири жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәселен, Намангандағы «Әпсаналар алабы», Бостанлықтағы «Әмирсай» комплекслерине күнине мыңлап сырт ел ҳәм жергиликли туристлер барады. Сырт ел инвесторларының қатнасыўында Ханабадта және бир усындай жойбар басланған.

Президент елимизде бундай орынлардың көп екенлигин атап өтип, бир қатар имканиятларды көрсетип өтти.

Атап айтқанда, Байсында дүньядағы ең терең үңгирлерден бири болып есапланған Байбулақ, неандертал адам қалдығы табылған Тесиктас үңгирлери, әййемги эллин мәдениятының естелиги болған Узундара қаласы бар. Районның тәбияты, климаты да зор. Ол жерде мийманхана, кемпинг, «дар жолы», туристлер үйлери шөлкемлестириў арқалы 500 мың туристти тартыўға болады.

Бундай имканиятлар Бостанлықтағы Табақсай, Аҳангарандағы Овжасай, Ангрендеги Янгиабат, Шаҳрисабздағы Мираки, Янгиқорғандағы Нанай, Попдағы Чодак аўылларында да бар.

Сондай-ақ, Нөкистеги Ашшыкөл, Бухарадағы Зикрикөл, Жиззақтағы Айдаркөл ҳәм Тузкән көлинде Чарвақтағыдай шомылыў зоналарын шөлкемлестириў мүмкин екенлиги атап өтилди.

«Өзбекстан туризм магистралы» бойлап, 31 район ҳәм қала аймағынан өтетуғын жоллардың бойында автомобиль турыў орны, кемпинг, автосервис, аўқатланыў, жанылғы қуйыў сыяқлы хызметлерди қамтып алған «Кәрўансарай»лар қурыў илажлары белгиленди.

Ташкент қаласында сырт ел туристлери ушын кеминде 3 күнге мөлшерленген “1 мың долларлық хызметлер топламы” қәлиплестириледи. Бул бағдарлама жыл даўамында ислейтуғын аквапарк ҳәм темалы парклер, гастрономиалық ҳәм саўда көшелери, жанлы атқарыў концертлери, шоу ҳәм фестивальларды өз ишине алады.

Мәжилисте ишки туризмди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдардағы көрсеткишти 10 миллионға жеткериў ўазыйпасы қойылып, оның имканиятлары да белгилеп берилди.

Атап айтқанда, 1-июльден баслап, туризм аўылларында мийман үйлери, аўқатланыў ҳәм саўда шақапшалары, кеўил ашар орынлар шөлкемлестирген исбилерменлер ушын үш жыл даўамында айланыстан алынатуғын салық ҳәм социаллық салықты 1 процентлик ставкада, мүлк, жер, суў салықларын есапланған суммадан тек ғана 1 процентин төлейди. Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде, бундай аўылларда мийман үйлерин шөлкемлестириўге 50 миллион сумға шекемги, қарүй ҳәм эко-үайлер комплексине 300 миллион сумға шекемги, шатырлы лагерлер қурыўға 300 миллион сумға шекемги кредитлер бериледи. Ҳәр жылы туризм аўылларының 200 жасы бюджет есабынан Туризм техникумларында бийпул оқытылады.

Ҳәкимлерге туризм аўылларында жол, электр энергиясы, ишимлик суўы, байланыс тармақларын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди. Оған усы жылы республикалық бюджеттен 250 миллиард сум ажыратылады.

Соның менен бирге, сырт ел туристлерине саяхаттың барлық басқышларын шөлкемлестириўге жәрдемлесетуғын сайтлар, мобиль қосымшалар жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Туристлерди тартыў ҳәм саяхатларды мазмунлы өткериўде мәдений илажлар да үлкен әҳмийетке ийе. Елимизде 186 түрли халықаралық ҳәм жергиликли фестивальлар шөлкемлестириледи. Олар арқалы қосымша 1 миллиан сырт ел ҳәм 5 миллион ишки туристлерди тартыў имканияты бар. Жуўапкерлерге усы илажларды жоқары дәрежеде ҳәм қәўипсиз шөлкемлестириў, пүткил дүньяға кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Усы жылы Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қосымша дем алыс күнлериниң белгиленгени, 250 мийманхана ҳәм музейлерде шегирме берилгени, зыярат объектлериниң бийпул етилгени ишки туризм ушын үлкен түртки берди. Соның нәтийжесинде Бухара ҳәм Самарқандқа қосымша 110 мың жергиликли туристлер барған. Ендиги ҳәптеде Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен де халқымызға және 5 күнлик дем алыс бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы бундай жумысларды тек ғана байрамлар алдында емес, ал бир жыл даўамында системалы түрде шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы мақсетте, быйылдан баслап барлық мәмлекетлик шөлкемлердиң хызметкерлери ушын жылына бир мәрте жергиликли саяхатқа шығыў қәрежетлериниң 20 процентин бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаплаў әмелиятының жолға қойылатуғыны белгиленди.

Буннан тысқары, 1-сентябрьден баслап, елимиз бойлап саяхат етип атырған пуқараларға авиа, темир жол ҳәм автобус билетлери баҳасының 15 проценти, мийманхана қәрежетиниң 20 проценти, музей ҳәм басқа да мәденият объектлерине билет баҳасының 50 процентин қайтарыў системасы енгизиледи.

Музейлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў де туризмди раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын, республикамыз бойынша барлық музейлердиң экспонатларын толық хатлаўдан өткерип, олардың электрон базасын жаратыў, музейлердиң басшы ҳәм хызметкерлериниң маманлығын арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.


Музейлердиң көргизбе майданларының аз екенлиги себепли тек ғана 1 процент экспонат көрсетиўге қойылған. Қалаберди, халықтың узақтағы музейлерге барыўға имканияты жоқ. Соның ушын, «Көркем өнерди халыққа жақынластырыў» бағдарламасы шеңберинде аймақларда музейлердиң көшпели көргизбелерин шөлкемлестириў керек екенлиги айтылды. Елимиздеги 4 мың 500 ден аслам археология естелигин ашық аспан астындағы музейлерге айландырыў ўазыйпасы қойылды.

Саяхатларды шөлкемлестириўдеги ең әҳмийетли қуралларынан бири транспорт. Ҳәзирги күнде транспорт қәрежетлериниң жоқары екенлиги сырт ел туристлерин тартыўда тийкарғы тосқынлықлардан бири болып қалмақта. Халықаралық ҳәм жергиликли бағдарларда «лоукостер»лер көп емес. Заманагөй «Афросиёб» поездине билет алыў ушын бир неше ҳәпте алдын мүрәжат етиў зәрүр.

Соның ушын, Транспорт министрлигине туризм тараўында транспорт инфраструктурасын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.

Туристлердиң авиақатнаўларға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде 1-июльден баслап, «Зыярат туризми» бағдарламасы шеңберинде сырт ел авиакомпанияларына көрсетилетуғын хызметлерге 50 процентке шекеги шегирмелер енгизиледи. 1-октябрьге шекем жергиликли авиақатнаўларға мөлшерленген жаңа «Silk avia» компаниясы шөлкемлестириледи. Қәрежетлерди азайтыў мақсетинде 9 самолёт толық эконом-классқа өткериледи.

Мәжилисте тараў жуўапкерлери, ҳәкимлер ҳәм исбилерменлер шығып сөйлеп, реже ҳәм усынысларын билдирди.

ӨзА