Интернеттеги социаллық тармақлардан пайдаланғанда ҳәр биримизден итибарлы болыў талап етиледи. Себеби, оның өзине тән тәртип-қығыйдасы бар. Деген менен айырымлар буны түсинбестен, қәлеген хабарды тарқатып, қәтеликке, ҳәттеки жынаятқа жол қояды.

Хожели районында жасаўшы Г.Қ.ҳәм Г.А. «телеграм» интернет тармағы арқалы Өзбекстан Республикасына алып кириў, таярлаў ҳәм тарқатыў қадаған етилген диний баянатты тарқатып, жынаятқа жол қойған. Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының гезектеги суд мәжилисинде мине, усы жынаятлы ис көрип шығылды.

Мәлим болғанындай, Г.Қ. диний қызығыўшылығы нәтийжесинде «телеграм» интернет тармағы арқалы өзиниң «Samsung J5» маркалы уялы телефонына Рафик Камаловтың 8-март байрамы ҳәм оның тарийхы ҳаққындағы «2_5339054376570850013»деп аталған догматикалық идеялары менен уйғынласқан диний баянатты жүклеп алып, 2021-жылы 8-март күни  телеграм каналындағы 24 ағзасы бар «Тuwisqanlar» группасына тарқатқан.

Судланыўшы Г.А.да «телеграм» интернет жәҳән тармағындағы «you toube» арқалы өзиниң «Samsung J4» маркалы уялы телефоны аппаратына Рафик Камаловтың 8-март байрамы ҳәм оның тарийхы ҳаққындағы «2_5339054376570850013» деп аталған догматикалық идеялары менен уйғынласқан диний баянатты жүклеп алып, 2021-жылы 8-март күни  тегерамм каналындағы 16 ағзасы бар «Синфдошлар 9г» группасына тарқатқан.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети экспертлери тәрепинен өткерилген диний-комплекс экспертизасының 2021-жылы 6-апрель күнги  ИП-595-санлы жуўмағы бойынша «2_5339054376570850013» файлдағы мағлыўмат догматикалық идеялары менен уйғынласқан болып, оны Өзбекстан Республикасына алып кириў, таярлаў ҳәм тарқатыў қадаған етилген.

Солай етип, олар жоқарыдағы ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 2441-статьясы 3-бөлими «г» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.

Судланыўшыларға жаза тайынлағанда, олардың қылған исинен шын кеўилден пушайман екенлиги, алдын судланбағанлығы, биреўиниң шаңарағынан ажырасқанлығы, қарамағында ер жетпеген перзентлери бар екенлиги, жасаў орнындағы мәкан пуқаралар жыйының баслықлары ҳәм профилактика инспекторлары тәрепинен жақсы минезлемеге ийе екенлиги есапқа алынды.

Суд ҳүкими менен пуқаралар Г.Қ. ҳәм Г.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 2441-статьясы 3-бөлими «г» бәнти менен Жынаят Кодексиниң 57-статьясы қолланылып, 4 (төрт) жыл мүддетке азатлықтан шеклеў жазасы тайынланды.

И.АЛЛАНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Хожели районлық судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги