Бүгин туўылған күн

Бүгин өзбек поэзиясының ең ири ўәкиллеринен бири Муҳаммад Юсуфтың туўылған күни. Муҳаммад Юсуф 1954-жылы 26-апрельде Әндижан ўәлаятының Марҳамат районы  Қаўыншы аўылында туўылған.

1971-жылы орта мектепти тамамлап, рус тили ҳәм әдебияты институтына оқыўға киреди. Оқыўын тамамлап Өзбекстан китапқумарлар жәмийетине редактор болып жумысқа киреди. Кейин Муҳаммад Юсуф «Тошкент оқшоми» газетасының хабаршысы, Ғафур Ғулам атындағы әдебият ҳәм көркем өнер редакциясы корректоры, «Ўзбекистон овози» газетасының хабаршысы, Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги бас редакторының орынбасары, «Тафаккур» журналының бөлим баслығы лаўазымларында жумыс алып барды.   1996 –жылы шайыр Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы болады. Дәслеп ол әдебий мәсләҳәтши, 1997-жылдан өмириниң ақырына шекем Өзбекстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары болып ислейди. Шайырдың әдебияттың раўажланыўына қосқан үлеси жоқары баҳаланған. Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың пәрманы менен, Муҳаммад Юсуф «Дослық» ордени менен сыйлықланған, «Өзбекстан халық шайыры» атағы берилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги