Мүбәрек Рамазан айында Тақыятас районындағы «Балалар үйи» тәрбияланыўшыларының кеўиллерин көтериў мақсетинде «Ҳеш ким итибардан шетте қалмайды!» сүрени астында илаж шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Дин ислери бойынша комитети, Мусылманлар қазыяты, ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси атынан келген ўәкиллер дәслеп балалардың жасаў шараятлары менен танысып, сәўбетлесип, ол жерде ислеп атырған қәнигелердиң пикирлерин тыңлады.

Атап өтилгениндей, өткерилип атырған бундай илажлардан гөзленген тийкарғы мақсет – жаслар арасында инсаныйлық қәдириятларды сиңдириў, сақаўат ҳәм жәрдем, ҳүрмет ҳәм иззет, мийрим-шәпәәт сезимлерин улығлаўшы усындай илажларды ғалаба ен жайдырыў арқалы жәмийетте саламат руўхый орталықты қәлиплестириў болып есапланады.

Илажда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Балалар ушын алып келинген саўғалар тапсырылды.

Илажда ертек қаҳарманлары менен бирге ойынға түсиў, әсиресе, жас кишкентайлардың кеўиллерине үлкен қуўаныш бағышлады.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги