Ташкент қаласында 25-апрель күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Беларусь Республикасы Бас министри Роман Головченко басшылығындағы ҳүкимет делегацияларының ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда кең көлемли бирге ислесиўди, соның ишинде, саўда-экономикалық, санаат, транспорт-логистика, мәдений-гуманитарлық тараўларда буннан былай да раўажландырыў мәселеси ҳәр тәреплеме додаланды.

Беларусь дәстүрий түрде Өзбекстанның әҳмийетли ҳәм исенимли саўда шериги болып келген. Мәмлекетлеримиздиң экономикасы бир-бирин толықтырады. 2021-жылы еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў баҳасы 377 миллион долларды қурады. Усы жылы бул көрсеткишти 500 миллион долларға жеткериў бойынша ҳәрекетлерди және де жеделлестириў зәрүр екени атап өтилди.

Кейинги ўақытта Беларусь исбилермен топарлары ўәкиллериниң мәмлекетимизге қызығыўшылығы кескин артты. Ҳәзирги процессте жергиликли өнимлердиң сыртқы базарға шығыўы ушын тең шараят жаратылыўы айрықша әҳмийетке ийе.

Ҳәрекеттеги шериклик қоспа санаат кооперациясы, соның ишинде, аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, фармацевтика ҳәм машина қурылысы тараўларында да кеңеймекте.

Соның менен бирге, Өзбекстан менен Беларусь бирге ислесиўин раўажландырыўда пайдаланылмаған үлкен потенциал бар екени, өз-ара саўданы жеделлестириў мақсетинде мәмлекетлеримизде саўда үйлерин шөлкемлестириў мақсетке муўапық екени билдирилди.

Транспорт ҳәм транзит тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў еки тәреп ушын да бирдей пайдалы екени атап өтилди. Онда барлық транспорт түрлеринде жүк тасыў ушын зәрүр шараят жаратыў, аймақлар арқалы транспорт қуралларының иркинишсиз транзитин тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлерди даўам еттириў керек екени атап өтилди.

Беларусь Бас министриниң елимизге сапар етиўи даўамында ҳүкимет басшылары «Технопарк» комплексине де барып, бул жердеги өндирис тармақлары менен жақыннан танысты.

Еки мәмлекет ўәкиллери Орайлық Азияда санаат кооперациясын кеңейтиў, жаңа раўажланыў ноқатларын анықлаў, исбилерменлик байланысларын орнатыў ҳәм беккемлеў ҳәм жаңа қоспа кәрханалар шөлкемлестириў мақсетинде енгизилген «Иннопром. Орайлық Азия – 2022» халықаралық санаат көргизбесинде де қатнасты.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде илим, билимлендириў, мәденият, туризм тараўларындағы бирге  ислесиўди раўажландырыў бойынша көплеген келисимлерге ерисилди.

Қол қойылған ҳүжжетлер көп қырлы Өзбекстан – Беларусь бирге ислесиўин жақын ҳәм узақ перспективада жедел раўажландырыўға хызмет етеди.

Улуғбек МАҲМИРЗАЕВ,

ӨзАның хабаршысы