Түркия Ғ-16 қырыўшы самолётларын сатып алыў сораўы бойынша АҚШ админстрациясы менен конструктивлик мүнәсибет алып бармақта, деп билдиреди Түркия сыртқы сиясат уйымының басшысы Мавлуд Човушулы.
«АҚШ админстрациясында Ғ-16 қырыўшы самолётларын сатып алыў мәселесинде белгили бир мүнәсибет бар» – деп келтиреди Човушулының сөзлерин Sabah газетасы.
Буннан бурын АҚШ Түркияға оның Россиядан С-400 ҳаўа ҳүжимине қарсы қорғаныў системасын сатып алғаны ушын жаңа Ғ-35 қырыўшы самолётларын жеткерип бериў бағдарламасынан шығарылғаны ҳаққында хабар берген еди. Қурама штатлар Ғ-35 бойынша қоспа меморандумды бийкарлаған еди.
Ҳәзирги ўақытта Ғ-35 жойбары бойынша АҚШқа Уллы Британия, Италия, Нидерландия, Австралия, Дания, Канада ҳәм Норвегия шериклик етпекте. Соннан кейин Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған АҚШқа төртинши әўлад Ғ-16 қырыўшы самолётларын сатып алыў бойынша усыныс билдирди.
Бул мәселе де еле АҚШ Конгрессинде мақулланыўы керек. Мәмлекетлик департамент конгрессменлерди бул келисим Вашингтонның мәплерине хызмет ететуғынына исендириў ушын ҳәрекет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги